1 Жаратқан Ийе, пүткил барлығым менен Саған жақынласаман,
2 Қудайым, Сеннен үмит қыламан, Мен уятқа қалмайын, Душпанларым меннен үстин шығып, қуўанбасын.
3 Саған үмит байлаған ҳасла уятқа қалмас, Себепсиз қыянет ететуғынлар уятқа қалар.
4 Жаратқан Ийе, жолларыңды көрсет, Өз соқпақларыңды түсиндир маған.
5 Ҳақыйқатлыққа жетелеп, үйрет маған, Қутқарыўшым Қудай Өзиңсең. Күни бойы үмитим Сеннен.
6 Жаратқан Ийе, реҳимиңди ҳәм сүйиспеншилигиңди есле, Бардур булар әзелден бери.
7 Еске алма жаслықтағы гүна ҳәм қылмысларымды, Сүйиспеншилигиң ҳәм ийгилигиң ҳақы, Мени есле, Жаратқан Ийе.
8 Жаратқан Ийе жақсы ҳәм әдалатлыдур! Соның ушын, гүнакарларға жол көрсетер.
9 Кишипейиллерди әдиллик жолы менен алып жүрер, Оларға Өз жолын үйретер.
10 Келисимдеги шәртлерге әмел қылғанлар ушын, Жаратқан Ийениң соқпақлары сүйиспеншилик ҳәм садықлыққа толыдур.
11 Мениң айыпларым көп, Жаратқан Ийе, Өз атың ушын, Айыпларымды кешир.
12 Ким Жаратқан Ийеден қорқса, Жаратқан Ийе оған таңлайтуғын жолды көрсетер.
13 Ол адам бахытлы жасар, Оның нәсили елди мүлик етип алар.
14 Жаратқан Ийе Өзинен қорққанларға сырлас болар, Келисимин оларға билдирер.
15 Көзлерим ҳәмме ўақытта Жаратқан Ийе тәрепте, Ол азат қылар тордан аяқларымды.
16 Аўҳалыма қара, реҳим қыл маған, Жалғызбан ҳәм езилгенмен.
17 Артып бармақта жүрегимдеги қайғылар, Усы дәртлерден мени қутқар!
18 Азап-ақыретиме қара, Кешир барлық гүналарымды!
19 Душпанларыма қара, қаншелли көбейген, Жаўызларша олар мени жек көреди!
20 Жанымды сақлап, қутқара гөр! Шерменде қыла гөрме, Мен Сеннен пана тапқанман!
21 Шынлық ҳәм әдиллик мени қорғасын, Саған үмит байлағанман.
22 Қудай, қутқар Израилды, Барлық қайғы-ҳәсиретлеринен.