1 Жаратқан Ийе мениң нурым ҳәм қутқарыўшым, Мен кимнен қорқаман? Жаратқан Ийе өмиримниң қорғаны, Мени ким қорқыта алады?
2 Денемди тилкимлеў ушын жаўызлар үстиме бастырып келгенде, Жаўларым ҳәм душпанларым маған қарсы шабыўыл жасағанда, Өзлери сүрнигип, қулайды.
3 Бир орда ләшкер мени қамал қылса да, Жүрегим қорқпас, Маған қарсы урыс басланса да, Үмитим үзилмес.
4 Жаратқан Ийеден тилегим, қәлейтуғыным мынаў: Жаратқан Ийениң үйинде өмир бойы жасаў, Оның гөззаллығын көриў, Ибадатханасында сыйынып, ой жуўыртыў.
5 Апатта қалған күнлеримде, Ол мени Өз панасында аман сақлайды. Шатырының ишине жасырып мени, Бәлент жартас үстине алып шығады.
6 Сонда әтирапымдағы душпанларым үстинен, Басым жоқары көтериледи. Жаратқан Ийениң шатырында қурбанлық беремен, Шадланып, алғыслаў қурбанлығын беремен, Саз шертип, Оны жырлайман.
7 Жаратқан Ийе, қулақ сал даўысыма, Саған жалбарынаман, Реҳим етип, жуўап бер маған!
8 «Мениң жүзимди изле!» дегениңди кеўлим еситти, Аўа, Жаратқан Ийе, Сениң жүзиңди излеймен.
9 Жүзиңди меннен жасырма, Ғәзепленип, қулыңнан жүз бурма! Жәрдемшим Сен болдың, Жүз бурып, мени тәрк етпе, Қудай, қутқарыўшым мениң!
10 Ата-анам мени таслап кетсе де, Жаратқан Ийе мени қабыл етеди.
11 Жаратқан Ийе, жолыңды үйрет маған, Буққыда жатқан душпанларыма бола, Туўры соқпақларыңнан жетеле мени.
12 Жаўларымның қолына тапсырма мени, Жалған гүўалар, наҳақ айыплаўшылар, Маған қарсы шықты.
13 Бирақ мынаған анық исенемен: Мен тирилер әлеминде жүрип, Жаратқан Ийениң ийгилигин көремен.
14 Жаратқан Ийеге үмит қыл, Күшли ҳәм мәрт бол, Жаратқан Ийеге үмит қыл.