1 Саған жалбарынаман, Жаратқан Ийе, Қорғаўшы жартасым, еситпей қалма даўысымды. Егер маған жуўап бермей, үнсиз қалсаң, Өлим шуқырына түскен адамдай болып қаламан.
2 Сени жәрдемге шақырғанымда, Қолларымды мухаддес Ибадатханаңа созғанымда, Қулақ сал жалбарыныўларыма.
3 Мени жаўызлар ҳәм наҳақлық қылатуғынлар менен, Бир қатарға қойып, жазалама. Олар адамлар менен досларша қатнаста болып, Жүреклеринде жаўызлық ислеўди нийет қылар.
4 Қылмысларының, ислеген жаўызлықларының есесин қайтар, Қоллары менен ислеген наҳақлықларына жараса жаза бер.
5 Олар итибар бермес Жаратқан Ийениң ислерине, Оның қолларының дөретпесине. Соның ушын, Жаратқан Ийе оларды қулатады, Олар қайтадан тиклене алмайды.
6 Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол қулақ салды мениң жалбарыныўларыма.
7 Жаратқан Ийе күш-қуўатым ҳәм қалқанымдур, Жүректен Оған үмит етемен, Ол маған жәрдем берди, жүрегим шадланар, Қосықларым менен Оған алғыс айтаман.
8 Жаратқан Ийе Өз халқының қүдиретидур, Өзи майлаған патшаның қутқарылыў қорғаныдур.
9 Халқыңды қутқар, Өз меншик халқыңды жарылқа, Олардың шопаны бол, мәңги ғамхорлық қыл!