1 Ҳәй, иләҳий барлықлар, Жаратқан Ийени алғыслаң, Жаратқан Ийениң салтанатын ҳәм қүдиретин алғыслаң,
2 Жаратқан Ийениң уллы атын алғыслаң, Мухаддес салтанатқа бөленген Жаратқан Ийеге сыйының!
3 Суў бетинде еситилер Жаратқан Ийениң даўысы, Уллы Қудай гүркиреп, даўыс шығарар, Қүдиретли суў бетинде еситилер Жаратқан Ийениң жаңғырығы.
4 Жаратқан Ийениң даўысы күшлидур, Жаратқан Ийениң даўысы салтанатлыдур.
5 Жаратқан Ийениң даўысы кедр ағашларын сындырар, Ҳәттеки, Лебанондағы кедр ағашларын майдалап таслар.
6 Ол Лебанон таўын бузаўдай етип, Сирйон таўын жабайы танадай етип, секиртер.
7 Шақмақ шақтырады Жаратқан Ийениң даўысы,
8 Шөлистанды титиретеди Оның даўысы, Жаратқан Ийе Қадеш шөлин ләрзеге салар.
9 Жаратқан Ийениң даўысы суўынларды туўдырар, Тоғайларды жалаңашлар. Оның Ибадатханасында ҳәмме «Даңқ болсын!» деп бақырысар.
10 Жаратқан Ийе топан суўы үстине тахтын қурды, Ол мәңги патша болып қалады.
11 Жаратқан Ийе Өз халқына күш бағышлар, Халқын тынышлық пенен жарылқар!