Забур 29 bob

1 Даўыттың жыры. Жаратқан Ийениң үйи бағышланған ўақытта айтылған қосық
2 Сени уллылайман, Жаратқан Ийе, Мени жоқары алып шықтың, Душпанларымның мениң үстимнен, Күлиўине жол қоймадың.
3 Қудайым Жаратқан Ийе, Саған жалбарындым, маған шыпа бердиң.
4 Жаратқан Ийе, жанымды өлилер мәканынан алып шықтың, Өлим шуқырына түсип баратырғанымда, мени қутқардың.
5 Ҳәй Жаратқан Ийениң садық қуллары, Саз шертип, Оны алғыслаң, Оның мухаддес атын тәрийиплең!
6 Оның ғәзеби бир мезгил, Ал меҳрибанлығы бир өмир даўам етер. Қайғы-азап бир түн болар, Бирақ азан менен қуўаныш кирип келер.
7 Әўметли болып, исим жүрискенде, «Ҳасла сүрникпеспен!» – деген едим.
8 Жаратқан Ийе, меҳриң менен, Мени таўдай қылып беккемледиң. Бирақ Сен жүзиңди жасырғаныңда, Қорқыныш бийлеп алды мени.
9 Жаратқан Ийе, Сени шақырдым, Ийеме жалбарынып, реҳим сорадым:
10 «Егер мен кирсем қәбирге, Өлимимнен Саған не пайда? Топырақ Саған алғыс айта ма? Сениң садықлығыңды жәриялай ма?
11 Қулақ сал, Жаратқан Ийе, маған реҳим қыл, Жәрдемшим бол, Жаратқан Ийе!»
12 Қайғымды ойын-күлкиге айландырдың, Аза кийимимди шешип, шадлыққа бөледиң.
13 Кеўлим Сени алғыслап қосық айтсын, үнсиз қалмасын, Саған мәңги миннетдаршылық билдиремен, Қудай Ийем.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.