1 Даўыттың өз улы Абшаломнан қашқан ўақытта жазған жыры
2 Жаратқан Ийе, соншелли көп душпанларым, Маған қарсы бас көтерип атыр көп адам!
3 Көплер мен ҳаққында: «Қудайдан оған қутқарылыў жоқ», – деп айтар.
4 Бирақ Сен Жаратқан Ийе, мениң қалқанымсаң, Мени даңққа бөлеп, басымды жоқары көтересең.
5 Жәрдем сорап, Жаратқан Ийеге жалбарынаман, Жуўап берер Ол маған мухаддес таўынан.
6 Жаратқан Ийе мени қорғағаны себепли, Жатаман, уйықлайман, және аман-есен тураман.
7 Ҳәр тәрептен қоршап турған, Он мыңлаған жаўлардан қорқпайман.
8 Жаратқан Ийе, тур, Қудайым, мени қутқар! Сен барлық душпанларымның жүзине урдың, Жаўызлардың тислерин сындырдың.
9 Қутқарылыў Жаратқан Ийеден келер, Халқыңның үстине жаўсын берекетиң!