Забур 30 bob

1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры
2 Жаратқан Ийе, Сени паналайман, Мени ҳасла шерменде қылма! Сен әдалатлысаң, қутқар мени!
3 Маған қулақ сал, дәрҳал қутқар мени, Паналайтуғын жартасым бол, Қутқарылыўым ушын, беккем қорған бол!
4 Шынында да, Сен жартасым ҳәм қорғанымсаң, Өз атың ушын мени жетеле, жол көрсет маған.
5 Маған қарсы қойылған тордан узақлат мени, Өзиңсең мениң панам.
6 Жанымды қолларыңа тапсыраман, Жаратқан Ийе, садық Қудай, қутқар мени.
7 Жарамсыз бутларға табыныўшылардан жеркенемен, Жаратқан Ийеге үмит байлайман.
8 Садықлығың арқалы йошып, шад болайын, Қайғыларымды Өзиң көрдиң, Шеккен азапларымды билесең.
9 Мени душпанның қолына тапсырмадың, Ал аяқларымды кең жерге бастырдың.
10 Реҳим қыл маған, Жаратқан Ийе, қыйыншылықтаман, Қайғыдан көзлеримниң нуры сөнди, Жан-тәним де тамам болды.
11 Өмирим азап пенен, Жылларым аҳ урыў менен таўысылар, Гүналарым себепли күшим қайтып, Сүйеклерим қуўрап қалар.
12 Душпанларым себепли жек көринши болдым, Әсиресе өз қоңсыларыма.Досларым да аўҳалымды көрип қорқады, Көшеде көргенлер меннен қашатуғын болды+.
13 Марҳум сыяқлы умыт болдым мен, Сынып қалған ыдысқа уқсайман.
14 Көплердиң өсек қылып атырғанын еситемен, Әтирапымды қорқыныш орап алған. Маған қарсы тил бириктирген, Жанымды алыў ушын жоба дүзген.
15 Жаратқан Ийе, мен Саған үмит байлайман, «Қудайым Сенсең!» деп айтаман.
16 Тәғдирим Сениң қолыңда, Мени душпанларымның қолынан, Қутқара гөр изиме түскенлерден.
17 Сениң жүзиң қулыңа нурын шашсын, Сүйиспеншилигиңди көрсетип, қутқар мени!
18 Шерменде қылма мени, Жаратқан Ийе, Жәрдем сорап, Саған жалбарынаман. Жаўызлар шерменде болсын, Өлилер мәканында үнлери өшсин.
19 Менменлик пенен, жоқарыдан қарап, Ҳақ адамнан жеркенип, оны кемситип сөйлегенниң, Өшсин жалған сеслери.
20 Ийгилигиң соншелли молдур, Жаратқан Ийе, Оны Өзиңнен қорққанлар ушын сақлайсаң, Ҳәммениң көз алдында, Сеннен пана тапқанларға жақсы қатнас қыласаң.
21 Адамлардың жаўыз жобасынан, Дәргайыңда пана болып, оларды қорғайсаң, Жаман тиллерден, Өз панаңда сақлайсаң.
22 Жаратқан Ийеге алғыслар болсын, Қамалдағы қалада қалғанымда, Әжайып мийрим-шәпәәтиңди көрсеттиң маған.
23 Қорқынышқа түсип, былай дедим: «Сениң дәргайыңнан шығарылдым!» Бирақ жәрдемге шақырғанымда Сени, Еситтиң мениң жалбарыныўымды.
24 Жаратқан Ийени сүйиң, ҳәй Оның садық қуллары! Жаратқан Ийе Өзине садық болғанларды қорғайды, Менменлерге толық жаза береди.
25 Ҳәй, Жаратқан Ийеге үмит байлағанлар, Күшли болың ҳәм мәрт болсын жүрегиңиз!


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.