1 Қылмыслары кеширилгенлер, Гүналары алып тасланғанлар қандай бахытлы!
2 Жаратқан Ийе тәрепинен айыплы саналмаған, Кеўлинде сумлық болмаған адам қандай бахытлы!
3 Гүнамды мойынлаўдан бас тартқанымда, Зар жылап жүргенликтен күни бойы, Сүйеклерим кеўип қалды.
4 Күни-түни қолың үстимде аўыр жүк болды, Саратан ыссысының қурғақшылығы яңлы, дәрманым қалмады.
5 Сонда гүнамды алдыңда мойынладым, Айыбымды жасырмай, былай дедим: «Жаратқан Ийениң алдында қылмысымды тән аламан». Ал Сен айып-гүналарымды кеширдиң.
6 Соның ушын, ҳәр бир садық қулың, Мүмкиншилик бар ўақытта дуўа етсин. Сонда топан суўы тасып кетсе де, оған жетип бармас.
7 Сен мениң панамсаң, Мени қәўип-қәтерден сақлайсаң, Маған берген қутқарылыўың себепли, Әтирапымдағыларды шадлыққа бөледиң.
8 Жаратқан Ийе былай дейди: «Саған ақыл-нәсият беремен, Жүретуғын жолыңды көрсетемен, Мәсләҳәт берип, нәзеримнен қашырмайман.
9 Ат ямаса ғашырдай ойсыз болмаң, Суўлық ҳәм жүўен керек оларды жолға салыў ушын, Болмаса, олар бойсынбайды».
10 Напәклердиң азабы көп болады, Бирақ Жаратқан Ийеге үмит еткенлерди,Оның сүйиспеншилиги қоршап алады.
11 Ҳәй, ҳақ адамлар, Жаратқан Ийе арқалы қуўанып, шадланың, Ҳәй, жүреги пәк болғанлар, Ҳәммеңиз шадланып бақырың!