1 Ҳәй, ҳақ адамлар, Жаратқан Ийе арқалы шадланып бақырың! Әдил адамларға жарасар Оған алғыс-мақтаў айтыў.
2 Лира шертип, Жаратқан Ийени тәрийиплең, Он тарлы арфада Оған арнап нама шалың.
3 Оған арнап таза қосық айтың, Бәлент даўыс пенен шадланып, саз шертиң.
4 Жаратқан Ийениң сөзи ҳақыйқатдур, Оның ҳәр бир иси исенимлидур.
5 Жаратқан Ийе ҳақлықты ҳәм әдалатлықты сүйер, Жер жүзи Оның сүйиспеншилигине толар.
6 Көклер Жаратқан Ийениң буйрығы менен, Аспан денелери аўзынан шыққан сөзи менен жаратылған.
7 Ол теңиз суўларын бир жерге жыйнар, Түпсиз суўларды суў сақлағышларға сыйдырар.
8 Пүткил дүнья жүзи Жаратқан Ийеден қорқсын, Жер жүзинде жасап атырғанның барлығы Оннан сескенсин.
9 Ол сөйледи, айтқаны бар болды, Буйрық берди, ҳәммеси пайда болды.
10 Жаратқан Ийе миллетлердиң жобаларын бузар, Халықлардың нийетлерин босқа шығарар.
11 Бирақ Жаратқан Ийениң жобалары мәңги турар, Жүрегиндеги нийетлери әўладтан-әўладқа даўам етер.
12 Қандай бахытлы, Қудайы Жаратқан Ийе болған миллет, Қандай бахытлы, Жаратқан Ийе таңлап алған халық.
13 Жаратқан Ийе көктен көз таслар, Пүткил адамзатты көрер.
14 Ол тахтта отырған жеринен, Гүзетер жер жүзинде жасайтуғынлардың ҳәммесин.
15 Ол ҳәммениң жүрегин жаратқан, Олардың ислериниң ҳәммесин билер.
16 Әскери көп болғаны менен, патша қутқарылмас, Уллы күши менен жаўынгер жеңе бермес.
17 Жеңис ушын саўаш атлары бос үмитдур, Олар қүдиретли күши менен қутқара алмас.
18 Жаратқан Ийениң көзи Өзинен қорқатуғынларда, Оның сүйиспеншилигинен үмит ететуғынларда.
19 Олардың жанын өлимнен қутқарар, Ашлық дәўирде оларды тири қалдырар.
20 Жанымыз Жаратқан Ийеден үмит етер, Ол жәрдемшимиз ҳәм қалқанымыз.
21 Ол арқалы жүрегимиз қуўанышқа толар, Оның мухаддес атына үмит байлаймыз.
22 Жаратқан Ийе, мудамы үмит байлаймыз Саған, Сүйиспеншилигиң бизлерге яр болсын!