Забур 33 bob

1 Абимелехтиң алдында өзин ақылы кемис қылып көрсетип, оның алдынан қуўылған ўақытта* Даўыттың айтқан жыры
2 Ҳәмме ўақытта Жаратқан Ийеге алғыс айтаман, Алғыс-мақтаў түспейди аўзымнан.
3 Жаратқан Ийе менен мақтанар жаным, Езилгенлер еситип, шад болсын!
4 Мениң менен бирге Жаратқан Ийени уллылаң, Атын биргеликте даңққа бөлейик.
5 Жаратқан Ийеге жалбарындым, Ол жуўап берди маған, Мени азат етти барлық қәўип-қәтерден.
6 Оннан үмит қылғанлардың жүзинде нур жарқырайды, Уятқа қалып, жүзлери қызармайды.
7 Мен езилип жалбарындым, Жаратқан Ийе еситти, Мени барлық азапларымнан азат етти.
8 Жаратқан Ийеден қорқатуғынлардың әтирапына, Оның периштелери орда қурып, қутқарар оларды.
9 Жаратқан Ийениң жақсылығын татың ҳәм көриң. Қандай бахытлы Оннан пана тапқанлар.
10 Жаратқан Ийеден қорқың, ҳәй, Оның мухаддеслери, Оннан қорққанлардың болмас мүтәжлиги.
11 Ҳәттеки, арысланлар аш ҳәм мүтәж болар, Бирақ ҳеш қандай мүтәжлик көрмес Жаратқан Ийеге келгенлер.
12 Келиң, ҳәй балалар, тыңлаң мени: Үйретейин сизлерге Жаратқан Ийеден қорқыўды.
13 Ким өмирден заўықланып, Жақсы күнлер келиўин қәлейди?
14 Онда, тилиңизди жаман сөзден, Аўзыңызды өтирик сөз айтыўдан тыйың.
15 Жаманлықтан қашып, жақсылық ислең, Тынышлыққа умтылып, соған күш салың+.
16 Жаратқан Ийениң көзи ҳақ адамларда, Қулағын түрер олардың дадына.
17 Жаратқан Ийе қарсы жаманлық қылатуғынларға, Жер жүзинен олардың атларын өширер.
18 Ҳақ адамлар жалбарынар, Жаратқан Ийе еситер, Барлық азапларынан оларды азат етер.
19 Жаратқан Ийе кеўли қабарғанларға жақындур, Руўхы езилгенлерди қутқарар.
20 Ҳақ адамның қайғылары көп болса, Жаратқан Ийе булардан оны азат қылар,
21 Барлық сүйеклерин аман сақлар, Сындырылмас оның бир сүйеги де.
22 Жаманлық залымды өлтирер, Ҳақ адамнан жеркенген жаза алар.
23 Өз қулларын Жаратқан Ийе қутқарар, Ҳеш қандай жаза алмас Оннан пана тапқанлар.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.