Забур 34 bob

1 Жаратқан Ийе, маған қарсы болғанларға Өзиң қарсы шық, Маған ҳүжим қылғанларға Өзиң қарсы ҳүжим қыл!
2 Үлкен ҳәм кишкене қалқан алып, Маған жәрдемге кел!
3 Мени қуўып киятырғанларға қарсы, Найза ҳәм балтаңды ал. «Сени Мен қутқараман», – деп ўәде бер маған!
4 Жаныма қаслық қылып жүргенлер, Уятқа қалып, масқара болсын! Маған қарсы жаўыз нийет еткенлер, Шермендеси шығып, артқа шегинсин!
5 Олар самалда ушқан қаўық сыяқлы болсын, Жаратқан Ийе, Сениң периштең изине түссин!
6 Қараңғы ҳәм сырғанақ болсын олардың жолы, Жаратқан Ийе, Сениң периштең қуўсын оларды!
7 Себепсиз маған тор қурды, Мени тутып алыў ушын, себепсиз шуқыр қазды.
8 Тосаттан олардың басына апат келсин, Қойған торына өзлери түссин, Қазған шуқырына өзлери қуласын.
9 Сонда Жаратқан Ийе, Сен арқалы шадланаман, Мени қутқарғаның ушын қуўанаман.
10 Пүткил барлығым былай дейди: «Ҳәлсизди күшлиниң қолынан, Бийшара ҳәм жарлыны тонаўшылардан қутқаратуғын, Саған уқсаған ким бар, Жаратқан Ийе?»
11 Жаўыз нийетли гүўалар турып, Билмейтуғын нәрселер ҳаққында меннен сорар.
12 Олар жақсылығыма жаманлық қайтарар, Жаным жалғызланып қалды.
13 Олар кесел болған ўақытта, Аза кийим кийип, ораза туттым. Басымды ийип, дуўа қылдым.
14 Достым, туўысқаным, деп қайғырдым, Анам ушын аза тутқандай етип, Қайғыдан басымды ийип жүрдим.
15 Олар болса, жығылғанымда жыйналып, шад болды, Маған қарсы жыйналды бийтаныс адамлар, Тоқтамастан мени талап таслады.
16 Қудайсызлардай аямай масқара қылды, Маған қарап, тислерин қайрады.
17 Ийем, қашанға дейин қарап турасаң? Қутқара гөр жанымды олардың ҳүжиминен, Азат қыла гөр бул арысланлардан!
18 Уллы жәмийет ишинде Саған шүкир айтаман, Сансыз халық арасында Саған алғыс-мақтаў айтаман.
19 Үстимнен күлмесин себепсиз маған душпан болғанлар, Көзлерин алартпасын айыпсыз мени жек көргенлер.
20 Тынышлық сөзин аўзына алмас олар, Ал елде тыныш жасап атырғанларға қарсы, Жалған сөзлерди ойлап табар.
21 Маған қарсы аўзын кең ашып, былай деп айтар: «Ҳай-ҳай, өз көзимиз бенен көрдик қылмысларыңды!»
22 Ҳәммесин көрдиң, Жаратқан Ийе, үнсиз қалма, Ийем, меннен узақ болма!
23 Оян, тур, ҳуқықымды қорғап, Мен ушын гүрес, Қудайым, Ийем!
24 Әдиллигиңе гөре, мени ақлай гөр, Қудайым, Жаратқан Ийе! Үстимнен күлмесин душпанларым!
25 Олар ишинен былай деп айтпасын: «Ҳай-ҳай, болды-ғо бизиң қәлегенимиз!» «Оның басына жеттик!» – демесин.
26 Аўыр аўҳалыма шадланғанлар, Уялып, шерменде болсын, Меннен өзлерин үстин қойғанлар, Уят ҳәм шерменделикке шырмалып қалсын.
27 Мениң ҳақ болып шығыўымды қәлегенлер, Шадланып бақырып, қуўансын. Тынбастан былай деп айтсын олар: «Қулының аманлығын қәлеген Жаратқан Ийе уллылансын!»
28 Сонда күни бойы тилимнен түспес Сениң әдиллигиң, Саған арнап алғыс-мақтаў айтаман.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.