1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Жаратқан Ийениң қулы Даўыттың жыры
2 Наҳақлардың гүнасы жүрегинде сөйлейди. Қудайдан қорқыў жоқ оның кеўлинде.
3 Ол өзин жоқары қойып, Гүнамды Қудай көрмейди, Ҳүким қылмайды, деп айтады.
4 Аўзынан жаманлық ҳәм жалған шығар, Даналықтан ҳәм жақсылық қылыўдан бас тартар.
5 Ҳәттеки, жатқанда да, напәкликти ойлар, Жаман жолға түсип, бас тартпас жаўызлықтан.
6 Жаратқан Ийе, сүйиспеншилигиң көклерге, Садықлығың бултларға жайылғандур.
7 Әдиллигиң уллы таўларға мегзер, Әдалатың түпсиз теңизге уқсар. Сен адамзатты да, ҳайўанды да қорғайсаң, Жаратқан Ийе!
8 Сүйиспеншилигиң қаншелли баҳалыдур, Қудай! Қанатларыңның саясында пана табар адамлар.
9 Олар жеп тояр үйиңдеги молшылықтан, Оларға ишкизерсең ләззетке толы дәрьяңнан.
10 Өмир булағы Сенде, Жақтылықты көремиз нурың арқалы.
11 Сени таныйтуғынларға сүйиспеншилигиңди, Жүреги пәклерге ҳақлығыңды көрсет.
12 Менменниң аяғы мени баспасын, Напәклердиң қоллары мени қуўмасын.
13 Қара, жаўызлық ислеўшилер жерге жығылды, Қайтып тура алмастай етип, төменге ылақтырылды.