Забур 36 bob

1 Жаманлық қылғанларға ашыўланба, Наҳақлық ислеўшилерге қызықпа!
2 Олар майса шөптей тез солып қалар, Көк шөптей тез қуўрап қалар.
3 Сен Жаратқан Ийеге үмит байлап, жақсылық қыл, Усы елде жасап, садықлықты сақла.
4 Жаратқан Ийеден заўықлан, Ол жүрегиңдеги қәлеўиңе жеткизер.
5 Өмир жолыңды Жаратқан Ийеге тапсыр, Оған исен, сонда Ол сен ушын ҳәрекет етер.
6 Ол сениң әдиллигиңди нур сыяқлы жарқыратып, Ҳақлығыңды күндизги қуяштай қылар.
7 Жаратқан Ийениң алдында сабырлы бол, Оған үмит байла, Ҳәўес қылма өз жолында әўметли болып, Жаўыз нийетлерин әмелге асырғанларға.
8 Ғәзебиңди тыйып, ашыўыңды бас, Қызба болма, бул тек зыян алып келер.
9 Жаўызлық етиўшилер жоқ етилер, Жаратқан Ийеден үмит етиўшилер елге ийелик етер.
10 Тез арада напәктиң күни питеди, Қанша излесең де, бул жерде таба алмайсаң оны.
11 Кишипейиллер болса, елге ийелик қылар, Мол бахытқа ерисип, рәҳәт табар.
12 Напәк адам пәк адамға қарсы жаман нийет қылар, Оған қарсы тислерин ғышырлатар.
13 Бирақ Ийе напәклер үстинен күлер, Олардың күни питкенин билер.
14 Бийшара ҳәм жарлыны қулатып, Туўры жолда жүргенлерди өлтириў ушын, Напәклер қылышын жалаңашлап, керди садақларын.
15 Бирақ қылышлары өзлериниң жүрегине суғылар, Садақлары да сынып кетер.
16 Ҳақ адамның аз заты, Напәктиң байлығынан гөре абзалдур.
17 Напәктиң күши қырқылар, Ҳақ адамды болса, Жаратқан Ийе қоллап қуўатлар.
18 Минсизлердиң ҳәр күни Жаратқан Ийеге белгили, Мәңги даўам етер олардың мийрасы.
19 Уятқа қалмас олар жаман күнлерде, Қарынлары тоқ болар ашлық ўақытта да.
20 Бирақ напәклер сөзсиз қырылып қалар, Жаратқан Ийениң душпанлары дала гүлиндей солып, Түтин яңлы тарқалып, жоқ болар.
21 Напәклер қарыз алар, қайтып бермес, Ҳақ адам болса сақыйлық пенен берер.
22 Жаратқан Ийе жарылқаған адамлар елге ийелик қылар, Ал Ол ғарғаған адамлар жоқ болып кетер.
23 Адамның жүрген жолына, Жаратқан Ийениң кеўли толса, Оның қәдемлерин беккемлер.
24 Ол сүрниксе де, жығылмас, Жаратқан Ийе қолынан услап қалар.
25 Мен жас едим, енди қартайдым, Ҳақ адамның таслап кетилгенин, Оның урпағының нан сорағанын көрмедим.
26 Ол ҳәмме ўақытта сақыйлық пенен қарыз берер, Урпағы да жарылқаў алып келер.
27 Жаманлықтан қашып, жақсылық қыл, Сонда елиңде мәңги жасарсаң.
28 Жаратқан Ийе ҳақлықты сүйер, Ол садық қулларын тәрк етпес. Оларды мәңги қорғар, Напәклердиң урпағы жоқ болар.
29 Ҳақ адамлар елди мүлик етип алар, Сол елде мәңги жасап қалар.
30 Ҳақтың аўзынан даналық шығар, Оның тили әдалатты сөйлер.
31 Қудайының нызамы жүрегиндедур, Соның ушын, қәдеминде адаспас.
32 Напәк адам ҳақ адамды аңлып жүрер, Оны өлтириўдиң жолын излер.
33 Жаратқан Ийе ҳақ адамды напәклердиң қолына тапсырмас, Ҳүким етилгенде, оны айыплы қылмас.
34 Жаратқан Ийеге үмит байла, Оның жолынан жүр, Ол сени мәртебели қылып, бул елди мүлик қылып берер. Напәктиң қырылып кеткенин көрерсең.
35 Көрдим напәк ҳәм жаўыз адамның, Өз топырағында жасыл теректей өсип-өнгенин.
36 Бирақ узақ турмай, ол өтип кетти, жоқ болды, Қанша излесем де, таба алмадым оны.
37 Минсизге итибар бер, ҳақ адамға қара, Тынышлықты сүйетуғынлардың келешеги бар.
38 Гүнакарлардың ҳәммеси қырылып кетер, Напәктиң келешеги жоқ болар.
39 Ҳақлардың қутқарылыўы Жаратқан Ийеден, Апат күнинде оларға болар қорған.
40 Жаратқан Ийеден пана тапқаны ушын, Жаратқан Ийе оларды қоллап қуўатлап, қутқарар, Напәклердиң қолынан аман сақлап, азат қылар.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.