1 Даўыттың ядқа салыў жыры
2 Жаратқан Ийе, ғәзепленип, мени әшкаралама, Қәҳәрленип, мени жазалама!
3 Ишиме қадалды оқларың, Үстиме басылды қолларың.
4 Ғәзебиңнен денемде қалмады саў жерим, Гүнам себепли сырқырайды сүйеклерим.
5 Айыпларым басымнан асты, Олар аўыр жүк болып, желкемди басты.
6 Ақылсызлығым себепли, Жараларым сасып, ириң басып кетти.
7 Ийилип, еки бүкленип қалдым, Күни бойы ғам шегип жүремен.
8 От болып жанар мениң белим, Денемде қалмады саў жерим.
9 Диңкем қурып, пүткиллей езилдим, Жүрегимниң сызлаўынан нала шегемен.
10 Ийем, жүрегимдеги барлық қәлеўлеримди билесең, Налаларым жасырын емес Сеннен.
11 Жүрегим титирейди, күш-қуўатым кетти, Көзлеримниң нуры пүткиллей сөнди.
12 Дос-яранларым қашты жараларым себепли, Жақынларым қасыма келмей қойды.
13 Жаныма қас адамлар маған дузақ қурар, Нийети жаўызлар маған өлим тилер, Күни бойы маған қарсы ҳийле ойлап жүрер.
14 Ал мен герең сыяқлы еситпеймен, Тилсиз адамдай аўзымды ашпайман.
15 Шынында да, мен гүңге уқсайман, Тилинде жуўабы жоқ адамдайман.
16 Үмитим Сенде, Жаратқан Ийе, Сен жуўап бересең, Қудай Ийем!
17 Саған дуўа етип, былай дедим: «Жағдайымды көрип, душпанларым күлмесин, Аяқларым сүрниккенде, өзлерин меннен үстин қоймасын!»
18 Жығылайын деп турыппан, Ашшы қайғымды ишиме жутып атырман.
19 Жынаятларымды мойынлайман, Гүналарым себепли қайғыраман.
20 Ал душпанларым күшли ҳәм аман жүрипти, Себепсиз мени жек көретуғынлар көбейип кетти.
21 Олар жақсылығыма жаманлық қайтарар, Ийгиликли ислерим ушын маған душпан болар.
22 Мени таслап кетпе, Жаратқан Ийе! Қудайым, меннен узақ болма!
23 Маған жәрдем бериўге асық, Қутқарыўшым, Ийем!