1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры
2 Сабыр етип күттим Жаратқан Ийени, Ол маған бурылып, жалбарыныўымды еситти.
3 Мени өлим шуқырынан, Батпақлықтан шығарып алды. Аяқларымды тастың үстине бастырды, Қәдемлеримди беккемледи.
4 Аўзыма жаңа бир қосық, Қудайымызға арналған алғыс салды. Көплер буны көрип, қорқар, Жаратқан Ийеге үмит байлар.
5 Қандай бахытлы Жаратқан Ийеге үмит байлаған, Менмен ҳәм өтирикшилерге сүйенбейтуғын.
6 Жаратқан Ийе, Қудайым, Бизлер ушын әжайып ислериң ҳәм нийетлериң көпдур, Ҳеш бир зат Саған тең келе алмас, Буларды тилге алып, сөйлей басласам, Көплигинен санап таўыса алмаспан.
7 Сен қурбанлық ҳәм садақаларды қәлемедиң, Жандырылатуғын ҳәм гүна қурбанлықларын талап қылмадың, Бирақ бойсыныўым ушын қулақларымды аштың.
8 Сонда мен былай дедим: «Мине, мен келдим, Орама китапта мен ҳаққында жазылған.
9 Сениң еркиңди орынлаўдан рәҳәтленемен, Қудайым, Жүрегимниң төриндедур Сениң нызамың».
10 Уллы жәмийетиңде әдиллигиңди жәрия қылдым, Жаратқан Ийе, Өзиң билесең, Тилимди ҳеш тыймадым.
11 Әдиллигиңди ишиме сақламадым, Исенимли екениңди ҳәм қутқарғаныңды жәрияладым, Мийрим-шәпәәтиңди, садықлығыңды, Уллы жәмийеттиң алдында сыр тутпадым.
12 Жаратқан Ийе, реҳимиңди аяма меннен, Сүйиспеншилигиң ҳәм садықлығың мени мәңги қорғасын.
13 Сансыз апатлар орап алды әтирапымды, Гүналарым басыма жетти, көзим көрмейди, Булар шашымнан көпдур, Енди жүрексиз болып қалдым.
14 Жаратқан Ийе, маған мийримиң түссин, қутқар мени! Жәрдемге асық, Жаратқан Ийе!
15 Жанымды алыўды қәлегенлер, Шерменде болып, уятқа қалсын! Маған жаўызлық ислеўди қәлеўшилер, Масқара болып, кейнине қайтсын!
16 «Ҳай-ҳай!» деп масқара қылыўшылар, Шерменде болып, сасқалақлап қалсын.
17 Сени излегенлердиң ҳәммеси, Сен арқалы шадлық ҳәм қуўанышқа толсын. Сениң қутқарыўыңды сүйгенлер: «Жаратқан Ийе уллыдур!» деп бәрқулла айтып жүрсин.
18 Мен бир бийшара ҳәм жарлы адамман, Бирақ ғамхорлық қылар маған Ийем. Жәрдемшим ҳәм қутқарыўшым Өзиңсең, Кешикпе, Қудайым!