1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбаплар менен айтылатуғын Даўыттың жыры
2 Мениң ҳуқықымды қорғаўшы Қудай! Жалбарынғанымда жуўап бер маған! Қыйыншылықта қалғанымда, мени азат қылдың, Реҳим етип маған, қулақ сал дуўама.
3 Ҳәй, инсанлар, қашанға дейин атыма дақ түсиресиз? Қашанға дейин бийҳуда нәрселерге кеўил берип, Қашанға дейин жалғанның изинен жүресиз?
4 Билиңлер, Жаратқан Ийе Өзине садық адамды таңлар, Жалбарынсам, Ол мени еситер.
5 Қорқып қалтыраң, гүна ислемең, Төсекте жатқаныңызда, ойланың ҳәм тынышланың.
6 Жаратқан Ийеге мақул болған қурбанлықлар усынып, Оған үмит байлаң.
7 «Ким бизлерге жақсылық қылады?» – деп айтатуғынлар көп, Жаратқан Ийе, жүзиңниң нурын үстимизге төк!
8 Қуўанар дән ҳәм шарабы мол болғанлар, Сен жүрегиме оннан да көп шадлық бердиң.
9 Жатқанымда, тыныш уйықлайман, Жалғыз Сен, Жаратқан Ийе, Аманлық ишинде сақлайсаң мени.