1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры
2 Қандай бахытлы жарлыны ойлайтуғын! Апат күнинде оны Жаратқан Ийе қутқарар.
3 Жаратқан Ийе оны қорғап, өмирин сақлар, Ол елде бахытлы болар, Душпанларының қолына тапсырылмас.
4 Төсекке жатып қалғанында, Жәрдем берер оған Жаратқан Ийе, Оны кеселинен толық айықтырар.
5 Мен: «Оҳ, Жаратқан Ийе, маған реҳим қыл, Саған қарсы гүна қылдым, шыпа бер!» – дедим.
6 Душпанларым жаўыз нийет пенен: «Қашан өлип, аты өшер екен?» – дейди.
7 Олар мени көриў ушын келгенде, жалған сөйлейди, Ишинен өсек сөзлер тоқыйды, Кейин сыртқа шығып, өсек тарқатады.
8 Мени жек көретуғынлардың ҳәммеси, Маған зыян тийгизиўди жобаластырады, Биргеликте мен ҳаққында сыбырласып:
9 «Аўыр кеселликке шалынған ол, Енди тура алмас төсегинен», – дейди.
10 Мениң нанымды жеген жақын достым, Маған қарсы қол көтерди.
11 Сен маған реҳим қыл, аяққа турғыз, Жаратқан Ийе, Қылмысларына жараса, өзлерине қайтарайын.
12 Душпанларым меннен үстин шықпаса, Меннен кеўлиң толғанын билемен.
13 Айыпсызлығым ушын мени аман сақлайсаң, Мени дәргайыңда мәңги турғызасаң.
14 Әзелден мәңгиге дейин, Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Аўмийин! Аўмийин!