Забур 41 bob

1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының* айрықша жыры
2 Суўын ағын суўды қалай аңсаса, Қудай, мениң жаным да Сени солай аңсайды!
3 Жаным Қудайға, тири Қудайға шөллейди, Қашан бараман Қудайдың жүзин көриўге?
4 Ҳәр күни: «Қудайың қай жерде?» дегени ушын, Көз жасларым азығым болды күни-түни.
5 Жүрер едим аламан арасында, Барар едим Қудайдың үйине. Байрамды белгилер едик көпшилик пенен, Қуўаныш ҳәм алғыс жаңғырығы менен. Усылар түссе ядыма, сырқырайды жүрегим.
6 Не ушын түскинликке түсесең, ҳәй жаным? Не ушын тынышсызланасаң? Қудайға үмит байла, Мен Оған және алғыс айтаман, Қутқарыўшым ҳәм Қудайыма.
7 Түскинликке түсип кеткенмен, Соның ушын, Қудайым, Сени Иордан бойында, Хермон ҳәм Мисар таўларында еслеймен.
8 Гүркиреген теңизлердей, Гүўилдеген булақлардай, Сениң жиберген қүдиретли толқынларың, Басып өтти үстимнен мениң.
9 Күндиз Жаратқан Ийе көрсетер сүйиспеншилигин, Түнде Оған арнап қосық айтаман. Өмирим болған Қудайға дуўа етемен.
10 Қорғаўшы жартасым болған Қудайға былай деймен: «Не ушын мени умыттың? Душпанларымның зулымынан, Не ушын қайғы-ғам шегип жүриўим керек?»
11 Күни бойы душпанларым: «Қай жерде Қудайың?» деп, Мени кемситкенде, сырқырайды сүйеклерим.
12 Не ушын түскинликке түсесең, ҳәй жаным? Не ушын тынышсызланасаң? Қудайға үмит байла, Мен Оған және алғыс айтаман, Қутқарыўшым ҳәм Қудайыма.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.