1 Қудай, Сен мени ақла! Опасыз халыққа қарсы даўымда мени жақла. Өтирикши ҳәм әдилсиз адамлардан қутқар.
2 Мениң қорғаным – Қудай Сенсең, Неге мени таслап кеттиң? Душпанларымның зулымынан, Не ушын ҳәсирет шегип жүриўим керек?
3 Нурыңды ҳәм ҳақыйқатыңды жибер, Олар жол көрсетсин маған, Алып барсын мени Сениң мухаддес таўыңа, мәканыңа.
4 Бараман мен Қудайдың қурбанлық орнына, Қуўанышым ҳәм шадлығым болған Қудайыма. Лира шертип алғыслайман Сени, Қудай, Қудайым!
5 Не ушын түскинликке түсесең, ҳәй жаным? Не ушын тынышсызланасаң? Қудайға үмит байла, Мен Оған және алғыс айтаман, Қутқарыўшым ҳәм Қудайыма.