1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының айрықша жыры
2 Қудай, қулақларымыз бенен еситтик, Әййемги заманда, ата-бабаларымыздың дәўиринде, Айтып берди олар ислеген ислериң ҳаққында.
3 Өз қолың менен қуўып шығып басқа миллетлерди, Ата-бабаларымызға жер бердиң, Сол халықларды қырып тасладың.
4 Шынында, олар жерди қылыш пенен алмады, Өз қоллары менен жеңиске ериспеди, Ал Сениң оң қолың, қүдиретиң, Жүзиңниң нуры менен жеңиске еристи. Олардан Сениң кеўлиң толған еди.
5 Қудай, Сен патшамсаң, Буйыр, Яқыптың урпағы жеңсин!
6 Сениң саяңда душпанымызды сүзип шығарамыз, Бизге қарсы болғанларды атың менен басқылап таслаймыз.
7 Мен өз садағыма исенбеспен, Қылышым да жеңис алып келмес маған.
8 Душпанларымыздан қутқарған Сенсең, Бизлерди жек көретуғынларды шерменде қылдың.
9 Күни бойы Қудайымыз бенен мақтанамыз, Мәңги алғыслаймыз Сениң атыңды.
10 Бирақ Сен бизлерди таслап кетип, шерменде қылдың, Әскерлеримиз бенен саўашқа шықпай қойдың.
11 Душпанларымыздың алдында шегиндирдиң, Жек көретуғынлар бизлерди арқайын тонап кетти.
12 Бизлерди сойылатуғын қойдай қылдың, Миллетлер арасына дағытып жибердиң.
13 Халқыңды арзан баҳаға саттың, Олардың баҳасын жоқарылатпадың.
14 Қоңсы халықларға бизлерди шерменде қылдың, Дөгерегимиздегилерге масқара ҳәм күлки қылдың.
15 Миллетлерге әпсана еттиң, Халықлар бизге басын шайқар.
16 Күни бойы масқарашылық мениң алдымда, Шерменделик жүзимди қаплаған.
17 Еситетуғынымыз масқара сөз, көретуғынымыз хорлық, Көз алдымызда өш алыўшы душпанлар.
18 Булардың барлығы басымызға түсти, Бирақ бизлер Сени умытпадық, Келисимиңди бузбадық.
19 Жүрегимиз Сеннен жүз бурмады, Сениң жолларыңнан шетке шықпадық.
20 Бизлерди сағаллар мәканында езип тасладың, Үстимизге тас түнек қараңғылықты жаўдың.
21 Егер бизлер Қудайымыздың атын умытқанымызда, Басқа қудайларға қолларымызды жайғанымызда,
22 Онда Қудай буны билмес пе еди? Ол жүректеги сырларды биледи.
23 Сен себепли күни бойы бизлерди өлтиреди, Шалынатуғын қой деп, бизлерди есаплайды.
24 Тур, Ийе! Неге уйықлап атырсаң? Оян, мәңгиге бизлерди таслап кетпе!
25 Не ушын жүзиңди жасырып атырсаң? Қайғы ҳәм азапларымызды не ушын умытасаң?
26 Бизлер топырақта жатырмыз, Денемиз жерге жабысып қалды.
27 Тур, жәрдем бер бизлерге, Сүйиспеншилигиң ҳақы қутқар бизлерди!