1 Атқарыўшылардың жетекшисине. «Лала гүл» намасына айтылады. Қорах әўладының айрықша жыры. Муҳаббат қосығы
2 Жүрегимнен гөззал сөзлер төгилди, Патшаға арнайман қосығымды, Тилим шебер жазыўшының қәлеминдей болсын.
3 Адам уллары арасындағы ең сулыўысаң, Мийрим төгилер тилиңнен. Аўа, Қудай сени мәңги жарылқаған.
4 Ҳәй батыр, даңқың ҳәм салтанатың менен, Белиңе қылышыңды байла.
5 Уллылығың менен атланып, алға бас, Ҳақыйқат, кишипейиллик ҳәм әдалат ушын жеңиске ерис! Оң қолың таң қаларлық ислер көрсетсин.
6 Патшаның душпанларының жүрегин, Өткир оқларың тесип өтер. Халықлар аяқларыңның астына жығылар.
7 Қудай, тахтың мәңги-бақый турар, Сениң патшалық ҳасаң – әдалат ҳасасыдур+.
8 Сен әдилликти сүйип, жаўызлықты жек көресең, Соның ушын, Қудай, сениң Қудайың, Досларыңнан гөре көбирек сени, Қуўаныш майы менен майлады.
9 Барлық кийимиңнен мирра, алоэ ҳәм кассия хош ийислери шығады, Пил сүйегинен безелген сарайларда тарлы әсбаплардың ҳаўазы, Сениң кеўлиңди көтереди!
10 Патша қызлары иззетли ҳаялларың арасында, Офир алтынлары менен безелген ханбийке турар оң жағыңда.
11 Тыңла, ҳәй қыз, қара, қулақ сал, Халқыңды ҳәм әкеңниң үйин умыт.
12 Патша сениң гөззаллығыңа ҳәўес, Хожайының болғаны ушын, алдында тәжим қыл.
13 Қыз Тир саўғалар алып келер, Халықтың бай адамлары мийримиңе ерисиўди қәлер.
14 Сарайға кирип киятырған сол қыз қандай гөззал, Кийимлери безелген алтын сабақ пенен.
15 Нағыслы кийимде оны алып келер патша алдына, Оның артынан қызлар, оның дослары ерип келер.
16 Олар қуўаныш ҳәм шадлық пенен алып келинер, Патшаның сарайына кирип келер.
17 Бабаларыңның орнын улларың алсын, Оларды ҳәким етип қоярсаң пүткил үлкеге.
18 Атыңды әўладтан-әўладқа умытылмас қыламан, Солай етип, халықлар сени мәңги алғыслайды.