1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының қосығы. Жоқарғы даўыста айтылады
2 Қудай бизлердиң панамыз ҳәм күшимиз, Апатта қалғанымызда, исенимли жәрдемшимиз.
3 Соның ушын, қорқпаймыз жер қыймылдаса да, Таўлар теңизлердиң түбине қуласа да.
4 Олардың суўлары гүркиреп, жоқары көтерилсе де, Күшли толқынлар таўларды титиретсе де.
5 Бир дәрья бар, суўлары қуўаныш алып келер Қудайдың қаласына, Қудай Тааланың мухаддес мәканына.
6 Қалада Қудай болғаны ушын, Қала ҳеш қашан қуламастан турар. Таң атыўдан, Қудай оған жәрдем берер.
7 Миллетлер шуўласып, патшалықлар қулар, Қудайдың даўысы гүркиреп, жер жүзи ерип кетер.
8 Әлемниң Жаратқан Ийеси бизлер менен биргедур, Яқыптың Қудайы қорғанымыздур.
9 Келиң, көриң Жаратқан Ийениң ислерин, Жер жүзине алып келген апатын.
10 Ол жер жүзиндеги саўашларды тоқтатар, Садақларды сындырып, найзаларды бөлеклеп, Қалқанларды отқа жағып, былай дер:
11 «Тоқтаң ҳәм билиң, Мен Қудайман! Мен уллыланаман халықлар арасында, Уллыланаман жер жүзинде!»
12 Әлемниң Жаратқан Ийеси бизлер менен биргедур, Яқыптың Қудайы қорғанымыздур.