1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының жыры
2 Ҳәй, барлық халықлар, шаппатлаң! Шадлық даўыслары менен Қудайды алғыслаң.
3 Қудай Таала, Жаратқан Ийе қандай айбатлы! Пүткил дүньяның уллы патшасы.
4 Ол бизлерге бойсындырды халықларды, Аяғымыздың астына таслады миллетлерди.
5 Өзи сүйген Яқыптың мақтаўлы мүлкин, Ол таңлап, бизлерге мүлик қылып берди.
6 Қудай шадлық даўыслары, Жаратқан Ийе кәрнай сеслери менен жоқары шықты.
7 Саз шертип алғыслаң Қудайды, саз шертип алғыслаң, Саз шертип алғыслаң Патшамызды, саз шертип алғыслаң.
8 Қудай пүткил дүньяның патшасыдур, Саз шертип, айрықша жыр айтың!
9 Қудай мухаддес тахтына отырып, Барлық миллетлердиң патшасы болар.
10 Халықлардың ҳүкимдарлары, Ибрайымның Қудайының халқы менен бир жерге жыйналар, Қудайға тийисли жер жүзиниң патшалары, Ол жүдә уллыдур.