Забур 47 bob

1 Қосық. Қорах әўладының жыры
2 Жаратқан Ийе уллыдур! Қудайымыздың қаласында, мухаддес таўында, Ол аса мақтаўға ылайықлыдур.
3 Бийик ҳәм гөззалдур, Пүткил жер жүзиниң қуўанышы Сион таўы, Мухаддес таў – уллы Патшаның қаласы.
4 Қудай оның бекиниси ишинде отырып, Оның Өзи беккем қорған болады.
5 Мине, патшалар жыйналып, Биргеликте Сион таўына жүрис қылды.
6 Бирақ буны көрип, албырап, Қорқынышқа түсип, қашып кетти.
7 Толғақ тутқан ҳаялдай, Сол жерде оларды титиреў басты.
8 Үлкен саўда кемелерин қыйратқан шығыс самалы сыяқлы, Жоқ еттиң оларды.
9 Әлемниң Жаратқан Ийесиниң қаласында, Қудайымыздың қаласында, Нени еситкен болсақ, соны көрдик. Қудай оның қәўипсизлигин мәңги беккемлейди.
10 Қудай, Сениң Ибадатханаңда, Сүйиспеншилигиң ҳаққында ойлаймыз.
11 Атың сыяқлы, Қудай, Саған арналған алғыс-мақтаў да, Дүньяның төрт тәрепине жайылғандур. Оң қолың әдилликке толыдур.
12 Сениң ҳүкимиңнен қуўансын Сион таўы, Шадлансын Яҳуда қалалары!
13 Сионның дөгерегин айланып жүриң, Оның минараларын санап шығың.
14 Келешектеги әўладыңызға айтып бериў ушын, Дийўалларына дыққатыңызды қаратың, Қорғанларына қараң.
15 Бул Қудай мәңги-бақый бизлердиң Қудайымыз болады, Бизлерди өмиримиздиң ақырына дейин жетелейди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.