Забур 48 bob

1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Қорах әўладының жыры
2 Тыңлаң, ҳәй, барлық халықлар! Қулақ салың ҳәммеңиз, жер жүзинде жасайтуғынлар,
3 Әпиўайы ҳәм ақсүйеклер, бай ҳәм жарлылар!
4 Аўзымнан шығар даналық сөзлер, Кеўлимдеги пикирим түсиник берер.
5 Қулақ түремен ҳикметли сөзлерге, Лира менен мәнисин ашып беремен.
6 Не ушын қорқаман апат күнлерде, Нийети бузық душпанларым мени қоршап алғанда?
7 Олар өз мал-дүньясына исенер, Есапсыз байлықлары менен мақтанар.
8 Ҳеш ким биреўдиң өмириниң төлемин өтей алмас, Ол ушын Қудайға қун төлей алмас.
9 Адам өмириниң төлеми қымбат, Ҳеш ким ҳеш қашан өтей алмас.
10 Олай болмағанда, мәңги жасар еди адамзат, Көрмес еди қәбир жүзин.
11 Ҳәмме билер даналардың да өлетуғынын, Ақмақ ҳәм биймәни адамлардың жоқ болатуғынын. Олардың байлығын басқалар ийелер.
12 Жерлерине өз атларын қойса да, Қәбирлери мәңги үйи болып, Әўладтан-әўладқа мәканы болар.
13 Абырайлы инсан да мәңги турмас, Өлип кететуғын ҳайўанға мегзер.
14 Өзине исенгенлердиң ақыбети, Олардың сөзин мақуллағанлардың тәғдири мынадай болар:
15 Сүриў сыяқлы өлилер мәканына айдалар, Өлим олардың шопаны болар. Таңда ҳақ адамлар оларға ҳүкимдарлық қылар, Денелери ширип кетер, Өлилер мәканы олардың үйи болар
16 Бирақ Қудай мени өлилер мәканының пәнжесинен қутқарар, Ол мени Өз дәргайына алар.
17 Қорқпа, егер бир адам байып кетсе, Үйиниң мал-дүньясы артып кетсе.
18 Ол өлгенде, өзи менен ҳеш нәрсе алып кете алмас, Байлығы да оның изинен қәбирге ерип кетпес.
19 Тири ўақтында, ол өзин бахытлы санаса да, Табыслы болғаны ушын көплерден мақтаў алса да,
20 Ол да ата-бабалары жатқан жерге кетип, Жақтылықты артық көрмес.
21 Абырайлы болса да, ақылсыз болғанлар, Өлип кететуғын ҳайўанларға мегзер.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.