Забур 49 bob

1 Қүдиретли болған Қудай, Жаратқан Ийе сөйлер, Күншығыстан, батысқа дейин, Пүткил жер жүзин шақырар.
2 Гөззаллықта минсиз Сионнан, Қудай жарқырап келер.
3 Қудайымыз келер, үнсиз болмас, Алдындағы жанып турған от ҳәммесин жалмайды, Дөгерегинде күшли даўыл есер.
4 Халқын ҳүким қылыў ушын, Жер ҳәм аспанды гүўа қылып шақырар:
5 «Жыйнаң алдыма садық қулларымды, Қурбанлық шалып, Мениң менен келисим дүзгенлерди».
6 Көклер Оның әдиллигин жәриялар, Ҳүким шығарыўшы Қудайдың Өзидур.
7 Ҳәй, халқым, тыңлаң, Мен сөйлеймен, Ҳәй, Израил, саған қарсы гүўалық берейин: Мен Қудайман, сениң Қудайыңман!
8 Қурбанлықларың ушын, Ҳәм күнделикли жандырылатуғын қурбанлықларың ушын, Даўа қылып атырған жоқпан.
9 Қораңдағы буғаға да, Сүриўиңдеги текеге де зар емеспен.
10 Меники тоғайдағы барлық жаныўарлар, Мың-мыңлаған таўлардағы ҳайўанлар.
11 Таўлардағы барлық қусларды билемен, Далалардағы ҳәр бир жабайы ҳайўан Меники.
12 Аш болсам, сорамаспан сеннен, Пүткил дүнья ҳәм оны толтырып турғанлар Меники.
13 Мен буғаның гөшин жейтуғын ба едим? Текениң қанын ишетуғын ба едим?
14 Маған, Қудайға шүкирлик қурбанлығын усын, Қудай Таала алдында ишкен антыңды орынла.
15 Азап-қайғы күниңде шақыр Мени, Сени қутқараман, сен де Мени даңққа бөлейсең».
16 Бирақ Қудай напәк адамға былай дейди: «Не ҳақың бар қағыйдаларым ҳаққында сөйлеўге? Не ҳақың бар келисимимди аўзыңа алыўға?
17 Өзиңе берген тәрбиямды жек көресең, Сөзлеримнен жүз бурасаң.
18 Урыны көргениңде, оған қосыласаң, Бузықлық қылып атырғанлар менен шерик боласаң.
19 Аўзыңды жаўызлыққа кең ашасаң, Тилиң менен жалған сөзлер тоқыйсаң.
20 Отырып, туўысқаныңа қарсы сөйлейсең, Туўған-туўысқаныңа да жала жаўасаң.
21 Сен усыларды иследиң, Мен үндемедим, Мени де өзиңдей деп ойладың. Енди сени әшкаралап, айыбыңды көз алдыңа қояман.
22 Дыққат салың, ҳәй, Қудайды умытқанлар! Болмаса, сизлерди тилкимлеп таслайман, Қутқаратуғын ҳеш ким болмайды сизлерди.
23 Маған шүкир қурбанлығын усынғанлар, Мени ҳүрмет қылған болады. Ким өз жолын туўрылап жүрсе, Соған Өз қутқарыўымды көрсетемен».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.