1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Най сазында атқарылатуғын Даўыттың жыры
2 Сөзлериме қулақ сал, Жаратқан Ийе, Шеккен налаларыма дыққат аўдар.
3 Есите гөр, жәрдем сорап дад саламан, Патшам ҳәм Қудайым, Саған дуўа етемен.
4 Таңда даўысымды еситесең, Жаратқан Ийе, Ҳәр ерте таңда усынаман дуўамды, Сеннен күтемен жуўапты.
5 Сен жаманлықты хош көрмейтуғын Қудайсаң, Жаўызлық Сениң жаныңда тура алмас.
6 Тәкаббирлер көз алдыңда тура алмас, Барлық напәклик қылғанларды жек көресең Сен.
7 Жалған сөйлейтуғынларды жоқ қыласаң, Жаратқан Ийе, қанхор ҳәм мәккарлардан жеркенесең.
8 Мен мол сүйиспеншилигиңниң саясында, Сениң үйиңе, мухаддес Ибадатханаңа киремен, Қорқыў менен Саған тәжим қылып, сыйынаман.
9 Жаратқан Ийе, Сен әдалатлысаң, Душпанларыма бола, мени жетеле, Алдымда Өз жолыңды тегисле.
10 Шынлық жоқ душпанларымның сөзлеринде, Олардың жүреклери бәле-қадаға толы, Аўызлары ашық бир қәбир сыяқлы, Майлы тиллери менен жалған сөйлейди.
11 Қудай, оларды ҳүким етип, жазала! Дүзген жобалары апат келтирсин өзлерине, Олар Саған қарсы бас көтерер, Гүналары көп болғаны ушын оларды қуўып жибер.
12 Қуўансын Сеннен пана тапқанлар, Олар мәңги шадланып бақырсын. Сени сүйгенлер атыңды айтып, йошыў ушын, Оларды Өзиң қорғай гөр!
13 Жаратқан Ийе, Сен ҳақ адамларды жарылқайсаң, Реҳимиң менен оларды қалқандай қорғайсаң.