1 Атқарыўшылардың жетекшисине.
2 Даўыт Бат-Шеба менен жатқаннан кейин, Натан пайғамбар оның алдына келгенде, Даўыттың айтқан жыры
3 Қудай, реҳим ет маған, Сүйиспеншилигиң менен. Жынаятларымды алып тасла, Шексиз мийрим-шәпәәтиң менен.
4 Жуўып тасла айыплармды, Пәкле мени гүналарымнан.
5 Билемен қылмысларымды, Гүнам ҳәр қашан турар көз алдымда.
6 Саған қарсы, жалғыз Саған қарсы гүна иследим, Сениң нәзериңде жаўызлық болған нәрсеге қол урдым. Соның ушын, айыпласаң Сен ҳақсаң, Ҳүким шығарғаныңда, Сен әдилсең.
7 Мине, гүнакар болып туўылғанман, Анамның қарнында-ақ гүнакар едим.
8 Сен адамның кеўлинде шынлық болыўын қәлейсең, Жан дүньяма даналық үйрет.
9 Мени майоран шөби менен пәкле, таза болайын, Жуўа гөр мени, қардан да аппақ болайын.
10 Шадлық ҳәм қуўаныш даўысын еситтир маған, Йошсын Сен сындырған сүйеклерим.
11 Жүзиңди бур гүналарымнан, Алып тасла айыпларымды.
12 Қудай, менде таза жүрек жарат, Ишимдеги турақлы руўхты жаңала.
13 Мени дәргайыңнан шығарып таслама, Мухаддес Руўхыңды меннен алма.
14 Қайтара гөр маған қутқарылыў шадлығыңды, Бойсыныў қәлеўин оята гөр менде.
15 Жынаятшыларға Сениң жолыңды үйретемен,Гүнакарлар қайтып келер Саған.
16 Кешир мени қан төккеним ушын, Қудай, Қутқарыўшы Қудай, Тилим алғыслайды Сениң әдиллигиңди.
17 Жаратқан Ийе, аша гөр ләблеримди, Аўзым Саған алғыслар айтсын.
18 Сен қәлемейсең қурбанлықларды, Болмаса, Саған усынар едим, Жандырылатуғын қурбанлықтан да кеўлиң толмайды.
19 Саған мақул болатуғын қурбанлық – езилген руўхдур, Езилген ҳәм тәўбе қылған жүреклерден, Сен жүз бурмассаң, Қудай.
20 Реҳим етип, Сионға жақсылық қыл, Ерусалим дийўалларын қайтадан тикле.
21 Сонда туўры усынылған қурбанлықлар, Толығы менен жандырылатуғын қурбанлықлар Саған мақул болар. Қурбанлық орныңда буғалар усынылар.