1 Атқарыўшылардың жетекшисине.
2 Эдомлы Доег Шаулдың алдына барып: «Даўыт Ахимелехтиң үйине кирди», деп хабар берген ўақытта, Даўыттың айтқан айрықша жыры
3 Не ушын мақтанасаң жаўызлығың менен, ҳәй, күшли адам? Қудайдың мийрим-шәпәәти ҳәмме ўақытта мениң менен бирге.
4 Тилиң менен апат келтирерсең, Өткир пәкиге уқсар тилиң, Алдаўға сен шеберсең.
5 Сен жақсылықтан гөре, жаўызлықты, Ҳақыйқаттан гөре, өтирикти жақсы көресең.
6 Зыян тийгизетуғын сөзлерди жақсы көресең, Өтирикши тилди сүйесең.
7 Бирақ Қудай сени мәңги ўайран қылады, Сени услап, шатырыңнан тартып шығарады, Тирилер әлеминен тамырың менен қуртады.
8 Ҳақ адамлар буны көрип, қорқады, Үстиңнен күлип, былай дейди:
9 «Қараңлар, бул адам Қудайға қорғаным деп сүйенбеди, Мол байлығына үмит байлады, Басқаларға қырғын келтирип, күшейди».
10 Ал мен Қудайдың үйинде жасыл зәйтүн ағашындайман, Қудайдың сүйиспеншилигине мәңги-бақый исенемен.
11 Ислериң ушын Саған мәңги алғыс айтаман, Садық қулларыңның жәмийетинде, Ийгиликли атыңа үмит байлап, күтемен.