1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Муңлы айтылатуғын Даўыттың айрықша жыры
2 Ақмақлар өз кеўлинде: «Қудай жоқ», дер. Олар бузық, жеркенишли ислер қылар. Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ.
3 Бар ма екен деп, ақыллы ҳәм Қудайды излейтуғын, Қудай көктен қарар адамзатқа.
4 Ҳәммеси жолдан азғырылған, бирдей бузылған, Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ, Бирде биреўи жоқ!
5 Жаўызлық қылыўшылар, Нан жеген киби халқымды жалмайтуғынлар, Қудайды шақырмайтуғынлар ҳеш нәрсеге түсинбей ме?
6 Олар қорқыныш жоқ жерде қорқынышқа түседи, Қудай саған қарсы ләшкер тартып келгенлердиң, Сүйеклерин шашып таслайды, Қудай олардан жүз бурғаны ушын, сен оларды шерменде қыласаң.
7 Келсе еди, Израилдың қутқарылыўы Сионнан! Қудай Өз халқын абаданшылыққа және еристирсе, Яқыптың урпақлары шадланып, Израил қуўанар еди.