1 Атқарыўшылардың жетекшисине.
2 Тарлы саз әсбапларында айтылады. Зифлилер Шаулдың алдына барып: «Даўыт бизлердиң арамызда жасырынып жүрипти», – дегенде, Даўыттың айтқан айрықша жыры
3 Қудай, мени атың менен қутқар, Күш-қүдиретиң менен ҳуқықымды қорға!
4 Қудай, дуўамды есите гөр, Қулақ сал аўзымнан шыққан сөзлерге.
5 Өзге журтлылар маған қарсы бас көтерди, Залымлар алмақшы мениң жанымды, Олар Сени писент етпейди.
6 Мине, Қудай мениң жәрдемшимдур, Жанымды қоллап қуўатлайтуғын Ийемдур.
7 Ол душпанларымның жаўызлығын өзлерине қайтарар, Қудайым, садықлығың ҳақы оларды қырып тасла!
8 Саған өз ықтыярым менен қурбанлық усынаман, Атыңды тәрийиплеймен, Жаратқан Ийе, өйткени ол ийгидур.
9 Қутқардың мени ҳәр түрли апатлардан, Көзлерим көрди душпанларымның жеңилисин.