1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбапларында айтылатуғын Даўыттың айрықша жыры
2 Қудай, қулақ сал дуўама, Жалбарыныўыма итибарсыз болма.
3 Қулақ салып, тыңла мени, Тынышсызланып, азап шегемен,
4 Душпанларымның даўысынан, жаўыздың зулымынан. Олар басыма қайғы-ғам алып келеди, Ғәзепленип, маған душпанлық қылады.
5 Жүрегим сызлайды ишимде, Өлим қорқынышы туўды басыма.
6 Сескениў ҳәм титиреў басты мени, Қәўетер қаплады денемди.
7 Сонда мен: «Қәнекей, кептердей қанатларым болса, Ушып кетип, тынышланар едим.
8 Шынында да, алысларға кетип, Елсиз жерде мәканлар едим.
9 Күшли самал ҳәм боранлардан қашып, Өзиме пана табыўға асығар едим», – дедим.
10 Ийем, оларды алжастыр, Олардың жобаларын бузып жибер. Қалада зорлық ҳәм жәнжелди көрип турыппан.
11 Олар күни-түни қала дийўалларының үстинде ызғыйды, Жаўызлық ҳәм апат қала ишинде жүз берип атыр.
12 Оның ортасында ўайраншылық бар, Жалған ҳәм ҳийлекерлик арымас майданынан.
13 Егер жаўым мени кейисе, Буны көтере алар едим, Душпаным меннен өзин жоқары қойса, Оннан жасырынған болар едим.
14 Бирақ сен, маған теңлес болған адам, Достым ҳәм жақыным.
15 Бизлер сырлас дос едик, Қудайдың үйине бирге барар едик.
16 Өлимге дуўшар болсын душпанларым, Тирилей өлилер мәканына түссин, Себеби үйлери ҳәм жүреклери жаўызлыққа толыдур.
17 Ал мен Қудайды шақыраман, Жаратқан Ийе қутқарар мени.
18 Түнде, таңда ҳәм күндиз, Жалбарынып, дад саламан, Ол еситеди даўысымды.
19 Маған қарсы шыққанлар көп болса да, Аманлық ишинде қутқарар жанымды.
20 Әзелден тахтта отырған Қудай, Мени еситип, оларды бойсындырады. Оларда өзгерис жоқ, Қудайдан қорқпайды.
21 Жолдасым достына қарсы қол көтерди, Дүзген келисимимизди бузды.
22 Оның аўзынан пал тамады, Бирақ жүрегинде душпанлық. Сөзлери майдан да жағымлы, Бирақ булар жалаңашланған қылышдур.
23 Жүгиңди Жаратқан Ийеге тапсыр, Ол саған сүйениш болады. Ҳасла жол қоймас, Ҳақ адамның қулаўына+.
24 Сен, Қудай, өлим шуқырына ылақтырасаң жаўызларды, Өмириниң жартысын да көрмес қанхор ҳәм қыянетшилер. Ал мен Саған үмит байлайман.