1 Атқарыўшылардың жетекшисине.. «Узақтағы үнсиз кептер» намасына. Филист халқы Даўытты Гат қаласында тутып алғанда, оның айтқан жыры
2 Қудай, маған реҳим ет, Адамлар мени қуўдалап атыр, Күни бойы ҳүжим қылып, қысқыға алып атыр.
3 Душпанларым күни бойы изиме түсип, мени излеп атыр, Маған қарсы шыққанлар көпдур, уллы Қудай!
4 Қорққанымда, Саған үмит байлайман.
5 Қудай, сөзиңди мақтайман, Қудайға үмит байлайман, қорқпайман. Адамзат маған не қыла алады?
6 Күни бойы жаўларым сөзлеримди бузып көрсетеди, Олардың ой-пикирлери маған жаўызлық ислеў.
7 Олар тил бириктирип, буққыда жатады, Жанымды алыў ушын, ҳәр бир адымымды аңлыйды.
8 Жынаятларының жазасынан қутылып қала ма олар? Қудай, ғәзебиң менен оларды жерге ур!
9 Сергиздан күнлерим Сениң алдыңда есаплы, Көз жасларымды ыдысыңа салып қой. Булар китабыңда жазылған емес пе?
10 Сени шақырған ўақтымда, Душпанларым артқа шегинеди. Мынаны билемен: Қудай мен тәрепте.
11 Сөзин өзим мақтап атырған Қудайға, Сөзин өзим мақтап атырған Жаратқан Ийеге,
12 Қудайға үмит байлайман, қорқпайман, Адамзат маған не қыла алады?
13 Қудай, Саған берген ўәделеримди орынлайман, Миннетдаршылық қурбанлықларын Саған арнайман.
14 Жанымды өлимнен қутқарып қалдың, Аяқларымды сүрнигиўден сақладың, Соның ушын, Қудай, Сениң алдыңда, Өмир нурында жүремен.