1 Атқарыўшылардың жетекшисине. «Жоқ етпе» намасына айтылады. Даўыттың жыры
2 Ҳәй, ҳүкимдарлар, шынында да, сизлер әдил қарар шығарасыз ба? Адам улларын әдалатлық пенен ҳүким қыласыз ба?
3 Яқ, сизлер жүрегиңизде наҳақлық дүзесиз, Зорлық шашар қолларыңыз жер жүзинде.
4 Жаўызлар еле туўылмасынан алдын жолдан адасар, Анасының қарнында-ақ адасып, жалған сөйлер.
5 Олардың зәҳәри жыланның зәҳәриндей, Кобрадай қулақларын бекитеди.
6 Жылан ойнатыўшылардың даўысын, Күшли порханның зикирин еситпейди.
7 Қудай, олардың аўзындағы тислерин сындыр, Арысланлардың жақларын сындыр, Жаратқан Ийе!
8 Ағып кететуғын суўдай жоқ болсын, Садақларын кергенде, оқлары сынып кетсин.
9 Ерип кеткен суў өгизиндей жоқ болсын, Ана қарнынан түскен түсиктей, олар қуяшты көрмесин.
10 Жанып турған тикен қазанды қыздырмай турып, Оларды соншелли тез жоқ қыл.
11 Жаўыздан өш алынғанын көрип, ҳақ адам қуўанар, Аяқларын жаўызлардың қанына жуўар.
12 Сонда адамлар: «Шынында, ҳақ адамға сыйлық бар, Жер жүзинде ҳүким шығарыўшы Қудай бар», – дейди.