1 Атқарыўшылардың жетекшисине. «Жоқ етпе» намасына айтылады. Шаул Даўытты өлтириў ушын, үйин аңлыўға адам жибергенде, Даўыттың айтқан жыры
2 Қудайым, мени душпанларымнан қутқар! Маған қарсы шыққанлардан аман сақла.
3 Жынаятшылардан мени сақла, Қанхорлардан қутқар.
4 Қара, олар жанымды алыў ушын, аңлып жатыр, Жазығым ҳәм гүнам болмаса да, Жаратқан Ийе, Күшлилер маған қарсы бирлеспекте.
5 Айыбым болмаса да, Маған қарсы ҳүжим етиўге асығып атыр. Маған жәрдем бериў ушын тур, аўҳалыма қара!
6 Сен, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе, Израил халқының Қудайы, Тур, барлық халықларды жазала, Ҳеш бир жаўыз жынаятшыларды аяма.
7 Олар кеште қайтып келеди, Ийтлердей ырылдасып, қаланың ишинде ызғып жүреди.
8 Қара, олардың тиллеринен сөгис төгиледи, Аўызларынан қылыш шығады. Олар: «Ким бизлерди еситер еди?» – деп ойлайды.
9 Бирақ Сен олардың үстинен күлесең, Жаратқан Ийе, Барлық халықларды масқара қыласаң.
10 Күш-қуўатым Сенсең, Саған интизарман, Сен мениң қорғанымсаң, Қудай!
11 Қудайым сүйиспеншилиги менен қарсы алар мени, Мени аңлыған жаўларымның қулаўын көрсетер маған.
12 Оларды өлтирме, болмаса халқым умытып кетеди, Қүдиретиң менен оларды гезенде қылып, тарқат, Селаҳ Кейин оларды жерге ур, Ийе, қалқанымыз.
13 Олардың аўзынан шыққан гүналары ушын, Тиллери менен сөйлеген сөзлери ушын, Айтқан нәлет ҳәм жалған сөзлери ушын, Өзлериниң менменлигиниң дузағына түссин.
14 Ғәзебиң менен жоқ қыл оларды, Биреўин де қалдырмай қырып тасла. Сонда Қудайдың Яқып урпақларының үстинен ҳүкимдар екенин, Жер жүзиниң шетине дейин биледи.
15 Душпанларым кеште қайтып келер, Ийтлердей ырылдасып, қаланың ишинде ызғып жүрер.
16 Аўқат табыў ушын гезер, Түнди аш қарны менен өткерер.
17 Ал мен Сениң күш-қүдиретиңди жырлайман, Таң азаннан сүйиспеншилигиңди жәриялайман. Өйткени Сен маған қорған, Апатта қалғанымда, пана болдың.
18 Күш-қуўатым мениң, саз шертип, Сени алғыслайман, Сен мениң қорғанымсаң, Маған сүйиспеншилик көрсеткен Қудайымсаң.