1 Атқарыўшылардың жетекшисине.
2 «Келисим лала гүли» намасына айтылады. Тәлим ушын арналған. Даўыт Арам-Наҳарайым ҳәм АрамСоба халқы менен урысқаннан соң, Иоаб қайтып келип, он еки мың эдомлыны Дуз ойпатлығында өлтиргенде, Даўыттың айтқан жыры
3 Қудай, бизлерден бас тарттың, Бизлердиң қорғанымызды жарып өттиң, Ғәзеплендиң, енди алдынғы аўҳалымызға бизлерди қайтар!
4 Жерди силкип, оны жардың, Жарықларын дүзет, ол шайқалып атыр.
5 Халқыңа аўыр жағдайлар бердиң, Тентиреклеп жүрсин, деп бизлерге шарап ишкиздиң.
6 Душпан оқларынан сақланыў ушын, Өзиңнен қорқатуғынларға байрақ көтерт.
7 Оң қолың менен жеңис бер, бизлерди есит, Өз сүйгенлериң қутқарылсын!
8 Қудай Мухаддес мәканында былай деди: «Шадланып, Шехемди бөлемен, Суккот ойпатлығын өлшеп беремен.
9 Гилад Меникидур, Менашше де Меники, Эфрайым дуўлығам, Яҳуда ҳүкимдарлық ҳасам.
10 Моаб жуўынатуғын ләгеним, Эдомға аяқ кийимимди таслайман, Филист жеринде жеңис дабылын қағаман».
11 Ким мени қорғанлы қалаға алып барады? Ким маған Эдомға дейин жол көрсетеди?
12 Сен болсаң, Қудай, бизлерден жүз бурдың, Әскерий ордамызға басшылық етпей қойдың.
13 Душпанға қарсы гүресте жәрдем бер, Адамзаттың жәрдеми бийҳудадур.
14 Қудай, Сениң жәрдемиң менен бирге қаҳарманлық көрсетемиз, Душпанларымызды басқылап таслайсаң.