1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры
2 Қудай, қулақ сал арзыма, Жанымды душпан қорқынышынан қорға.
3 Напәклердиң жаўыз жобасынан, Жаўызлардың топарынан сақла мени.
4 Олар тиллерин қылыштай етип қайрап, Зәҳәрли сөзлери оқ сыяқлы нышанды гөзлеген.
5 Олар айыпсызға оқ атыў ушын буққыда жатады, Оған күтилмегенде қорқпастан атады.
6 Бир-бириниң жаўыз нийетлерин қоллап қуўатлайды, Жасырын дузақ қурыў ушын тил бириктиреди, «Буны ким көрер еди?» деседи.
7 Олар әдилсизликти излеп, «Әжайып бир жоба дүздик», – деп айтады. Адамзаттың ишки дүньясы ҳәм жүреги терең сырдур.
8 Бирақ Қудай оларға оқ атады, Тосаттан олар жарақатланады.
9 Өз тиллери менен өз басына жетеди, Аўҳалын көргенлердиң жүреги суўлайды.
10 Барлық адамларды қорқыў бийлейди, Олар Қудайдың ислерин жәриялайды, Оның ислери ҳаққында ойланады.
11 Ҳақ адам Жаратқан Ийеде қуўанышқа толады, Оннан пана табады, Барлық пәк жүреклилер қуўанышын жәриялайды.