Забур 64 bob

1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры. Қосық
2 Қудай, Сионда алғыс-мақтаў Саған тийисли, Саған берилген антлар орынланады.
3 Сен дуўаларымызды еситесең, Барлық адамзат Саған келеди.
4 Гүна аўырманлығынан қыйналып жүргенде, Сен қылмысларымызды кеширесең.
5 Қандай бахытлы, ҳәўлилериңде жасаўы ушын, Оны таңлап, Өзиңе жақынлатқан адам! Үйиңниң, мухаддес Ибадатханаңның, Жақсы жемислерине тоямыз.
6 Қутқарыўшымыз Қудай, ҳақлығың менен, Таң қаларлық ислериң менен бизлерге жуўап бер. Сен жер жүзиниң төрт тәрепиниң, Узақ теңизлердиң үмитисең.
7 Күш-қүдирет пенен қуралланғансаң, Өз күшиң менен таўларды жайластырғансаң.
8 Теңизлердиң ҳәм олардың толқынларының шаўқымын, Және де, халықлардың қозғалаңын тынышландырасаң.
9 Дүньяның арғы шетинде жасайтуғынлар, Кәраматлы белгилериңди көрип қорқыўға түсер. Шығыстан батысқа дейинги халықларды, Қуўанышлы даўысларға толтырасаң.
10 Жерге ғамхорлық қылып, оның шөлин қандырасаң, Оны молдан байытасаң. Қудай, Сениң салмаларың суўға толы, Адамларға ғәлле бересең, Жерди соған таярлағансаң.
11 1Қарықларын қандырып, суўғарасаң, Бийик жерлерин тегислейсең. Жаўының менен оны жумсартасаң, Оның өнимин берекетли қыласаң.
12 Ийгилигиң менен жылға таж кийдиресең, Жүрген жолларыңнан байлық ағып турар.
13 Шөл отлақ жерге айланар, Төбешиклер шадлыққа бөленер.
14 Жайлаўлар сүриўлер менен қапланар, Ойпатлықлар дәнге кийинер, Олар қуўаныштан бақырысып, қосық айтар.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.