Забур 65 bob

1 Ҳәй, жер жүзиндеги барлық адамлар, Бәлент даўыс пенен Қудайда шадланың!
2 Оның уллы атын саз шертип, алғыслаң, Оған салтанатлы түрде алғыс айтың!
3 Қудайға айтың: «Сениң ислериң қандай қорқынышлы! Қүдиретиңниң уллылығынан, Душпанларың Саған қуллық етеди.
4 Пүткил жер жүзи Саған тәжим қылады, Олар Саған арнап қосық айтады, Аўа, саз шертип, Сениң атыңды алғыслайды».
5 Келиң, Қудайдың не ислегенлерин көриң! Қандай қорқынышлы ислер иследи адамзат ушын:
6 Ол теңизди қурғақ жерге айландырды, Ата-бабаларымыз дәрьядан жүрип өтти, Шадланайық Оның сол ислерине!
7 Қүдирети менен мәңги ҳүкимдарлық етеди, Көзлери миллетлерди бақлап турады. Қозғалаңшылар менменликке берилмесин.
8 Ҳәй, халықлар, Қудайымызға алғыс айтың, Оған айтқан алғыс-мақтаўыңыз жаңласын.
9 Ол өмиримизди сақлады, Аяқларымыздың тайып кетиўине жол қоймады.
10 Қудай, Сен бизлерди сынадың, Гүмисти отта тазалағандай етип тазаладың.
11 Бизлерди дузаққа жолықтырдың, Желкемизге аўыр жүк жүкледиң.
12 Саўаш арбаларын басымыздың үстинен жүргиздиң, Оттан ҳәм суўдан кешип өттик, Бирақ кейин абаданшылыққа алып келдиң.
13 Жандырылатуғын қурбанлықлар менен Үйиңе бараман, Берген ўәделеримди орынлайман.
14 Апатта қалғанымда, аўзымнан шыққан еди, Тилим менен берген едим ўәделерди.
15 5Семиртилген ҳайўанларды жандырылатуғын қурбанлыққа беремен, Қошқарды түтетип Саған усынаман. Мал ҳәм текелерди қурбанлық етип беремен.
16 Келиң, тыңлаң, ҳәй, Қудайдан қорқатуғынлар, Мен ушын Оның не ислегенин сизлерге айтып берейин.
17 Аўзым менен Оны шақырдым, Тилим менен Оны уллыладым.
18 Егер жүрегимде жаўыз нийет болса, Онда Ийе мени еситпес еди.
19 Бирақ Қудай тыңлады мени, Дуўа еткенимде, даўысыма қулақ салды.
20 Алғыслар болсын Қудайға, Ол дуўамнан бас тартпады, Сүйиспеншилигин меннен аямады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.