1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Тарлы саз әсбапларында айтылады. Жыр. Қосық
2 Қудай, бизлерге мийримли болып, жарылқа, Жүзиңниң нуры түссин үстимизге.
3 Солай етип, жер жүзи Сениң жолыңды, Барлық миллетлер Сениң қутқарыўыңды билсин.
4 Халықлар Саған алғыс айтсын, Қудай, Барлық халықлар Саған алғыс айтсын!
5 Миллетлер қуўанып, шадланып бақырсын, Сен халықларды әдалатлық пенен ҳүким қыласаң, Жер жүзиндеги миллетлерди жетелейсең.
6 Қудай, халықлар Саған алғыс айтсын, Барлық халықлар Саған алғыс айтсын!
7 Жер өз өнимин берди, Қудай, Қудайымыз бизлерди жарылқасын.
8 Қудай бизлерди жарылқасын, Дүньяның төрт тәрепиндегилер Оннан қорқсын!