Забур 67 bob

1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың жыры. Қосық
2 Қудай қозғалады, тарқалып кетеди душпанлары, Оны жек көргенлер алдынан қашады.
3 Самал айдаған түтин сыяқлы, Сен оларды айдап жибересең, Отта ериген мум сыяқлы, Қырылады жаўызлар Қудайдың алдында.
4 Ал ҳақ адамлар болса, қуўанышқа толады, Қудайдың алдында шадланады, Кеўилленип, йошып, шадланады.
5 Қудайымызды жырлаң, Саз шертип, Оның атына алғыс айтың. Бултлар үстинде келетуғынды уллылаң, Оның аты – Жаратқан Ийе! Оның алдында шадланың!
6 Мухаддес мәканындағы Қудай, Жетимлердиң әкеси, жесирлердиң ҳуқықын қорғаўшы.
7 Қудай жалғыз баслыны үйли қылар, Тутқынларды аман-есен азат етер, Қозғалаңшылар болса, ыссы шөл жерде қалар.
8 Қудай, Өз халқыңның алдында жүргениңде, Шөл арқалы жүргениңде,
9 Қудайдың, Синайдағы Қудайдың алдында, Қудайдың, Израилдың Қудайының алдында, Жер силкинди, көклерден жаўын жаўды.
10 Мол жаўын жаўдырдың, Қудай, Күшсизленген жериңе қайтадан күш бердиң.
11 Халқың ол жерге мәкан басты, Қудай, ийгилигиң менен мүтәжлерди тәмийинледиң.
12 Ийеден хабар келеди, Селаҳ Көп ҳаяллар мына хабарды жеткизеди:
13 «Душпан әскерлери қашып баратыр, Патшалары менен бирге қашып баратыр!» Үйде қалған ҳаяллар олжаны бөлисип алады!
14 Олар қанатлары гүмиске, Пәрлери сап алтынға қапланған кептерге мегзер. Ҳәй, еркеклер, саўаш күни не ушын жайлаўда жатырсыз?
15 Қүдирети күшли Қудай патшаларды тарқатып жибергенде, Салмон таўында қар боранға мегзеди.
16 Ҳәй, уллы таў, Башан таўы! Ҳәй, шоққылары көп таў, Башан таўы!
17 Ҳәй, шоққылары көп таў, Қудай мәкан қылыўға таңлаған таўына, Қудай мәңги мәкан қылатуғын таўға, Не ушын қызғаныш пенен қарайсаң?
18 Қудайдың саўаш арбалары сан-санақсыздур, Ийемиз мухаддеслик ишинде Синайдан келер.
19 Сен жоқары шықтың, тутқынларды тутқын еттиң, Адамлардан, қозғалаңшылардан да сыйлар қабылладың, Ол жерде жасайсаң, Қудай, Жаратқан Ийе.
20 Ҳәр күни жүгимизди көтеретуғын Ийеге, Бизлерди қутқаратуғын Қудайға алғыслар болсын.
21 Қудайымыз – қутқарыўшы Қудайдур, Өлимнен қутқаратуғын – Қудай Ийедур.
22 Аўа, Қудай Өз душпанларының басын, Гүна жолында жүргенлердиң шашлы геллесин езеди.
23 Ийе былай дейди: «Душпанларыңды Башаннан қайтарып алып келемен, Теңиз түбинде болса да алып шығаман.
24 Сонда аяқларыңды олардың қанына батырасаң, Ийтлер де қан жалап, өз үлесин алады»Сонда аяқларыңды олардың қанына батырасаң, Ийтлер де қан жалап, өз үлесин алады»..
25 Қудай, Сениң жеңис кәрўаныңның, Қудайымның, Патшамның мухаддес Ибадатханасына, Салтанатлы киятырғаны көринер.
26 Алдында жыршылар, кейининде сазенделер, Ортасында дәп қаққан жас қызлар.
27 «Ҳәй, сизлер, Израил туқымынан болғанлар, Жыйыныңызда Қудайға, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў айтыңлар!»
28 Алдында ең кишкенеси Бенямин урыўы, Изинен өз топарлары менен Яҳуда басшылары келеди, Зебулон ҳәм Нафталий басшылары оларға ереди.
29 Қудай, көрсет күш-қүдиретиңди, Және көрсет бизлер ушын қолланған күшиңди,
30 Ерусалимдеги Ибадатханаңнан! Патшалар Саған саўғалар алып келеди.
31 Бақыр, қамыс арасындағы сол бир жабайы ҳайўанға, Бузаўлар арасында күшли буғалардай болғанларға. Олар алдыңда мүләйим болып, гүмислерин Саған саўға қылсын, Тарқатып жибер саўаштан рәҳәтленетуғын халықларды!
32 Мысырдан елшилер келеди, Хабашстан халқы асығып, қолларын Саған созады.
33 Жер жүзиндеги патшалықлар,
34 Көклерде, әййемнен бар көклерде айланып жүрген Қудайды жырлаң, Ийеге арнап саз шертип, алғыс айтың, Тыңлаң, Оның айбатлы даўысы гүркирейди!
35 Қудайдың қүдиретин жәрия қылың, Оның уллылығы Израилдың үстинде, Күш-қүдирети көклерде.
36 Қудай айбатлыдур Өзиниң мухаддес Ибадатханасында, Израилдың Қудайы күш-қуўат берер Өз халқына. Қудайға алғыслар болсын!


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.