Забур 68 bob

1 Атқарыўшылардың жетекшисине. «Лала гүл» намасына айтылады. Даўыттың жыры
2 Қудай, қутқар мени, Суўлар алқымыма келди.
3 Шөгип баратырман түпсиз батпаққа, Аяғымды басатуғын қатты жер жоқ. Терең суўларға шөгип кеттим, Күшли ағыс мени тартып кетпекте.
4 Дад салыўдан диңкем қурыды, Тамағым кеўип қалды, Қудайымды күтип, көз нурым сөнди.
5 Себепсиз мени жек көретуғынлар, Басымдағы шашымнан да көпдур. Душпанларым маған қарсы жалған сөйлер, Олар күшли, мени өлтирмекши, Урламаған нәрсемди қайтарыўды талап қылар.
6 Қудай, ақылсызлығымды Өзиң билесең, Айыпларым Сеннен жасырын емес.
7 Қудай, Әлемниң Ийеси, Мен себепли уятқа қалмасын Саған үмит қылғанлар! Израилдың Қудайы, Сени излегенлер мен себепли шерменде болмасын!
8 Сен ушын шыдайман сөгислерге, Шерменделик қаплайды жүзимди.
9 Аға-инилериме жат адамдай болдым, Анамның уллары ушын келгинди сыяқлыман.
10 Сениң үйиңе болған ықласым ишимди жейди, Сени масқаралағанлар мени масқаралаған болады.
11 Ораза тутып, дад салсам, Мен масқара боламан.
12 Аза кийим кийсем, Оларға күлки боламан.
13 Қала дәрўазасы жанында отырғанлар, Мен туўралы өсек тоқыйды. Мәскүнемлер мени мысқыллап, қосық айтады.
14 Бирақ мен Саған дуўа етемен, Жаратқан Ийе, Мақул ўақытта, уллы сүйиспеншилигиңниң саясында, Қудай, Исенимли қутқарыўың менен жуўап бер маған.
15 Мени қутқар, батпаққа батып кетпейин, Мени жек көретуғынлардан азат қыл, Терең суўлардан мени сақлап қал.
16 Күшли ағыс мени тартып кетпесин, Түпсиз суўлар мени жутпасын, Қәбир үстимнен аўзын жаппасын.
17 Жуўап бер маған, Жаратқан Ийе, Ийгиликлидур сүйиспеншилигиң. Уллы реҳимиң себепли маған қарай бурыл.
18 Өз қулыңнан жүзиңди жасырма, Апат ишинде қалдым, тез жуўап бер маған!
19 Жақынлап маған, қутқар жанымды, Душпанларымнан азат ет мени.
20 Мени қандай масқара қылғанын, Шерменде болып, уятқа қалғанымды билесең, Душпанларымның ҳәммеси Сениң қарсыңда.
21 Кейислер кеўлимди жарақатлады, дәртке толғанман, Дәртлесетуғын биреўди изледим, ҳеш ким жоқ, Жигерлендиретуғын биреўди изледим, оны да таппадым.
22 Аўқатыма олар зәҳәр салды, Шөллегенимде, маған сирке суўын берди.
23 Алдындағы дастурханы өзлерине қақпан болсын, Дослары ушын дузақ болсын!
24 Көзлерин қараңғылық басып, көрмей қалсын, Беллери мәңгиге бүгилип қалсын.
25 Ғәзебиңди төк олардың үстине, Қәҳәриңниң оты оларды жутсын!
26 Олардың мәканы қаңырап қалсын, Шатырларында жасайтуғын ҳеш ким қалмасын!
27 Олар Сен урған адамларды қуўғын қылар, Сен жарақатлаған адамлардың жарасын өсек қылар.
28 Гүналары үстине гүна қоса гөр, Сен оларды ақлама.
29 Атлары өмир китабынан өширилсин, Ҳақ адамлар менен бирге жазылмасын!
30 Мен бийшараман ҳәм азап шегип атырман, Қудай, қутқар мени ҳәм қәўипсиз жерде сақла!
31 Қудайдың атын қосық айтып мақтайман, Шүкирлик пенен Оны уллылайман.
32 Бул шақлы ҳәм туяқлы буға ямаса танадан гөре, Жаратқан Ийеге көбирек мақул болады.
33 Езилгенлер буны көрип, қуўансын, Ҳәй, Қудайды излегенлер, жүрегиңиз жанлансын!
34 Жаратқан Ийе мүтәжлерди еситеди, Тутқын болған халқын жек көрмейди.
35 Оған алғыс-мақтаў айтың, ҳәй, аспан ҳәм жер, Теңизлер ҳәм ондағы барлық жаныўарлар.
36 Қудай Сионды қутқарады, Яҳуда қалаларын қайта тиклейди, Халық орналасып, ол жерди ийелейди.
37 Оның қулларының урпағы жерди мийрас қылады, Оның атын сүйгенлер ол жерге мәкан басады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.