1 Атқарыўшылардың жетекшисине. Даўыттың ядқа салыў жыры
2 Қудай, мени қутқарыўға, Жаратқан Ийе, Маған жәрдем бериўге асық!
3 Жанымды алыўды ойлағанлар, Уятқа қалып, жүзлери қызарсын! Маған зыян тийгизиўди қәлегенлер, Шерменде болып, кейнине қайтсын!
4 «Ҳай-ҳай!» деп үстимнен күлгенлер, Масқара болып, изине қайтсын.
5 Сени излегенлердиң ҳәммеси, Сен арқалы шадлық ҳәм қуўанышқа толсын. Сениң қутқарыўыңды сүйгенлер: «Қудай уллыдур!» деп тынбастан айтсын!
6 Мен бийшара ҳәм ғәриппен, Қудай, тезирек кел маған! Жәрдемшим ҳәм қутқарыўшым Өзиңсең, Кешикпе, Жаратқан Ийе!