1 Бенямин урыўынан болған Куш себепли Даўыттың Жаратқан Ийеге айтқан жыры
2 Сеннен пана табаман, Қудайым Жаратқан Ийе! Изиме түскенлерден азат қылып, қутқар мени.
3 Болмаса, олар мени арысландай тилкимлеп таслайды, Майдалап бөлеклейди, қутқаратуғын ҳеш ким жоқ.
4 Қудайым Жаратқан Ийе, Егер айыплы ис қылған болсам, Биреўге наҳақлық қылған болсам,
5 Достымның жақсылығына жаманлық қайтарсам, Маған себепсиз ҳүжим қылған душпаныма реҳим қылсам,
6 Онда жаўларым мени изимнен қуўып, услап алсын, Жанымды аяқ асты қылып, тепкилесин, Абырайымды жерге урсын.
7 Қәҳәрленип көтерил, Жаратқан Ийе! Қарсы шық душпанларымның ғәзебине! Оян, ҳүким шығарған Қудайым!
8 Халықларды әтирапыңа жыйна, Жоқарыдағы тахтыңда отырып, Олардың үстинен ҳүкимдарлық қыл.
9 Жаратқан Ийе, Сен халықлардың үстинен ҳүким шығарасаң, Жаратқан Ийе, әдиллигим ҳәм минсизлигиме гөре, Сен мени ақла.
10 Жаўызлардың жаўызлықларына шек қой, Ҳақларды қоллап қуўатла, Ақыл-ой ҳәм жүреклерди Сен сынайсаң, Ҳақ Қудай!
11 Қудай қалқан сыяқлы мени қорғар, Пәк жүреклерди Ол қутқарар.
12 Қудай әдалатлы қазыдур,Жаўызға Ол ҳәр күни ғәзебин шашар.
13 Егер ким де ким тәўбе қылмаса, Қудай оған қарсы қылышын қайрар, Садағын керип, таяр турар.
14 Қыратуғын қурал-жарағын алып, Отлы оқларын таярлап турар.
15 Жаман адамнан жаманлық шығады, Жаўызлыққа жүкли болады, Нәтийжеде жалғанды туўады.
16 Ол шуқыр қазады, Бирақ қазған шуқырына өзи түседи.
17 Оның жаманлығы өзине қайтады, Жаўызлығы өз басына жетеди.
18 Әдалатлығы ушын Жаратқан Ийениң атына алғыс айтаман, Саз шертип, Қудай Тааланың атын алғыслайман.