Забур 70 bob

1 Жаратқан Ийе, Сени паналайман, Шерменде болыўыма ҳасла жол қойма!
2 Әдалатлығың менен қутқарып, азат қыл мени! Маған қулақ сал, қутқар мени!
3 Паналайтуғын жартасым бол, Ҳәмме ўақытта паналаўға ол жерге бара алайын. Мени қутқарыў ушын буйрық бер, Шынында да, Сен жартасым ҳәм қорғанымсаң.
4 Қудайым, мени жаўызлардың қолынан, Әдалатсыз ҳәм залым адамның пәнжесинен қутқар!
5 Сен мениң үмитимсең, Қудай Ийе, Жаслығымнан Саған исенемен.
6 Туўылғанымнан баслап, Саған сүйендим, Мени анамның қарнынан Сен алып шықтың, Ҳәмме ўақытта Саған алғыс-мақтаў айтаман.
7 Көплер ушын өрнек болдым, Сен мениң беккем панамсаң.
8 Аўзым толып тассын алғыс-мақтаўға, Күни бойы салтанатыңды жәриялайман.
9 Қартайған шағымда, меннен жүз бурма, Күшим қайтқаннан кейин, мени тәрк етпе!
10 Душпанларым маған қарсы тил бириктирер, Мени өлтириўди қәлегенлер бир-бири менен кеңесер.
11 Олар: «Қудай оны тәрк етти, Қуўып, услап алыңлар, Оны қутқаратуғын ҳеш ким жоқ!» – дейди.
12 Қудай, меннен узақласпа, Қудайым, маған жәрдем бериўге асық!
13 Шерменде болып, жоқ болсын, мени айыплаўшылар, Маған жаўызлық қылмақшы болғанлар, Уятқа қалып, бийабырай болсын.
14 Ал мен ҳәмме ўақытта Сеннен үмит қыламан, Үсти-үстине Саған алғыс айтаман.
15 Күни бойы Сениң әдил ислериңди, Қутқарыўың туўрысында жәриялайман, Оларды санап, ада болмаспан.
16 Қудай Ийе, қүдиретиң себепли келемен, Сениң, жалғыз Сениң әдиллигиңди баян қыламан.
17 Қудай, жаслығымнан маған Сен тәлим бердиң, Елеге дейин, Сениң әжайып ислериңди айтып жүремен.
18 Шашларым ағарып, қартайғанымда да, Тәрк етпе мени, Қудай! Күшиңди келешек әўладқа, Қүдиретиңди кейинги урпақларға жеткерейин.
19 Қудай, көклерге жетер әдиллигиң, Уллы ислер қылдың Сен, Саған уқсаған ким бар, Қудай?
20 Сен маған көп аўыр апатлар жибердиң, Бирақ мени қайтадан жанландырасаң, Мени жердиң түбинен және шығарып аласаң.
21 Абырайымды жоқарылатасаң, Маған және жубаныш бересең.
22 Мен де арфа шертип, Саған алғыс айтаман, Садықлығыңды қосық етип айтаман, Қудайым. Лира шертип, Саған алғыс айтаман, Израилдың Мухаддеси!
23 Саз шертип, Саған алғыс айтқанымда, Аўзымнан шадлық даўысы шығып, Өзиң қутқарған жаным қуўанады.
24 Тилим күни бойы Сениң әдалатың ҳаққында жәриялайды, Маған жаўызлық қылыўды қәлегенлер, Уятқа қалып, шерменде болды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.