Забур 71 bob

1 Қудай, ҳүким шығарыўды патшаға, Әдалатлығыңды патшаның улына сыйла.
2 Ол Сениң халқыңды әдалатлық пенен, Ғәриплериңди туўрылық пенен ҳүким қылсын!
3 Таўлар халыққа абаданшылық, Төбешиклер ҳақыйқатлық алып келсин.
4 Патша жарлыларды қорғасын, Кәмбағаллардың балаларын қутқарсын, Залымларды езип тасласын.
5 Қуяш ҳәм ай турғанындай, Халқың әўладтан-әўладқа Сеннен қорқып жасасын.
6 Патшамыз жаңа орылған атызға жаўған жаўындай, Топырақты суўғаратуғын берекетли жаўындай болсын.
7 Оның дәўиринде ҳақ адам гүллеп, жаснасын, Ай жоқ болып кеткенше, абаданшылық мол болсын.
8 Ол ҳүкимдарлық етсин бир теңизден екинши теңизге дейин, Евфрат дәрьясынан жер жүзиниң шетине дейин!
9 Оның алдында шөлде жасайтуғынлар бас ийсин, Душпанлары топырақ жаласын.
10 Таршиш ҳәм атаў үлкелериниң патшалары, Оған салық алып келсин. Шеба ҳәм Себа патшалықлары саўғалар усынсын.
11 Барлық патшалар алдында тәжим қылсын, Пүткил халықлар оған хызмет етсин!
12 Ол нала шеккен жарлыға жәрдем берер, Сүйениши жоқ бийшараны қутқарар.
13 Ғәрип ҳәм жарлыға реҳими келер, Жарлылардың жанын қутқарар.
14 Зорлық ҳәм зулымлықтан оларды азат қылар, Олардың қаны оның нәзеринде әзиздур.
15 Патшаның өмири узақ болсын! Шебаның алтыны оған берилсин, Тынымсыз дуўа етилсин ол ушын, Күни бойы оны жарылқасын!
16 Үлкеде дән мол болсын, Таў басларында дән өнимлери шайқалып турсын! Масақлары Лебанон тоғайындай мол болсын, Қала халқы жердеги шөп яңлы көбейсин!
17 Патшаның аты мәңги жасасын, Қуяш сөнгенше, аты өшпесин, Ол арқалы адамлар жарылқансын, Пүткил халықлар: «Ол қандай бахытлы», деп айтсын!
18 Жаратқан Ийе Қудайға, Израилдың Қудайына алғыслар болсын. Кәраматлар ислейтуғын жалғыз Олдур.
19 Оның уллы атына мәңги алғыслар болсын, Пүткил жер жүзи Оның даңқына толсын! Аўмийин! Аўмийин!
20 Ишай улы Даўыттың дуўалары усы жерде тамамланды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.