1 Қудай ҳақыйқаттан да Израилға, Жүреги пәк болғанларға ийгиликли.
2 Аяқларым тайып кете жазлады, Сырғанап жығылыўдан сәл қалдым.
3 Жаўызлардың абаданшылығын көрип, Сол менменлерге ишим күйди.
4 Олар өмириниң ақырына дейин, қайғы не екенин билмес, Денелери саў-саламат.
5 Адамзатта болатуғын қыйыншылықты көрмес, Басқалар сыяқлы азап шекпес.
6 Менменлик олардың мойнындағы моншағы, Жаўызлық үстиндеги кийими сыяқлы.
7 Олардың көзлерин май басқан, Жүреклери тәкаббирликке толып тасқан.
8 Адамлардың үстинен күлип, жаўыз нийетте сөйлер, Менменлик етип, зулымлық қылыўды жобаластырар.
9 Көклерге қарсы аўзын ашар, Тиллери менен жер жүзин ийелер.
10 Соның ушын, халық соларға қарай жүз бурар, Сөзлерин болса, суўдай етип ишип алар.
11 Олар былай дейди: «Қудай қалай биледи? Қудай Тааланың хабары бар ма еди?»
12 Мине, усындайдур жаўызлар, Ҳәмме ўақытта тәшиўишсиз жасар, Өз байлығын арттырар.
13 Мен бийкарға жүрегимди пәк тутқан екенмен-дә, Айыпсызбан, деп қолларымды жуўған екенмен-дә.
14 Күни бойы азап шегемен, Ҳәр күни азанда жазаланаман.
15 «Мен де олар сыяқлы сөйлейин» деп айтсам, Қыянет еткен болар едим Сениң ҳақыйқый халқыңа.
16 Буларды түсиниў ушын ойланғанымда, Мен ушын қыйын болды бул.
17 Сениң мухаддес Ибадатханаңа киремен дегенше, Түсинбеген едим олардың ақырети не болатуғынын.
18 Шынында да, оларды тайғақ жерге қойғансаң, Жерге қулатып, ўайран қыласаң.
19 Олар соншелли бирден қырылып қалады, Қорқынышлы апат ишинде пүткиллей жоқ болады.
20 Оянғанда умытылып кететуғын түс сыяқлы, Сен қозғалғанда, Ийе, Оларды елес сүлдердей көрип, менсинбейсең
21 Жүрегим ғамға толып, Қәлбимде дәрт пайда болғанда,
22 Надан болып билмеген екенмен, Саған ҳайўандай қатнаста болдым.
23 Сонда да ҳәмме ўақытта Сениң менен биргемен, Мениң оң қолымнан услағансаң.
24 Нәсиятларың менен маған жол көрсетесең, Кейин мени даңққа қарай жетелейсең.
25 Сеннен басқа кимим бар аспанда? Сеннен басқаны қәлемеймен жер жүзинде.
26 Денем ҳәм қәлбим ҳәлсиреп баратыр, Бирақ Қудай – Сен жүрегимниң күш-қуўатысаң, Мениң мәңгилик үлесимсең.
27 Сеннен узақласқанлар өлип кетеди, Қырып таслайсаң Саған опасызлық қылғанларды.
28 Ал мен ушын Қудай, Саған жақын болыў жақсы, Барлық ислериңди жәриялайын деп, Қудай Ийе, Сени пана қылып алдым өзиме.