1 Атқарыўшылардың жетекшиси Едутун ушын. Асафтың жыры
2 Даўыслап Қудайға жалбарынаман, Даўыслап Қудайды шақыраман, Ол мени еситеди.
3 Қыйын күнимде Ийени изледим, Түни менен қолларымды түсирмей жайдым, Кеўлим бас тартты жубаныштан.
4 Қудайды еслесем, аҳ ураман, Ой жуўыртсам, руўхым ҳәлсирейди.
5 Көзлериме уйқы бермейсең, Ҳәўлирип кеткенликтен, сөйлей алмайман.
6 Өтмиштеги күнлер ҳаққында, Өткен жыллар ҳаққында ойлаймн.
7 Түнде айтқан қосықларымды еске аламан, Өзим менен өзим сөйлесип, Руўхым сораўларға жуўап излер:
8 Ийе бизлерден мәңги бас тартты ма? Енди қайтып ҳеш қашан маған мийримиң түспей ме?
9 Оның сүйиспеншилиги мәңги жоқ болғаны ма? Берген сөзи әўладтан-әўладқа даўам етпей ме?
10 Қудай реҳим етиўди умытқаны ма? Мийрим-шәпәәтиниң орнын ғәзеп басқаны ма?
11 Өзиме өзим былай дедим: «Мине, мениң дәртим – Қудай Тааланың Өз күшин көрсетпеўи».
12 Жаратқан Ийениң, Сениң ислериңди еске аламан, Бурынғы кәраматларыңды еслеймен.
13 Сениң барлық ислериңди түсиниўге тырысаман, Уллы ислериң үстинде ой жуўыртаман.
14 Қудай, жолың мухаддесдур! Селаҳ Қудай, Сен сыяқлы басқа уллы қудай бар ма?
15 Сен – кәраматлар ислейтуғын Қудайсаң, Халықлар арасында Өз қүдиретиңди көрсеттиң.
16 Өз күшиң менен халқыңды, Яқып ҳәм Юсуп әўладларын азат қылдың.
17 Суўлар Сени көрип, Қудай, Суўлар Сени көрип, қорқып кетти. Түпсиз теңизлер титиреди.
18 Бултлардан жаўын қуйды, Көклерден шақмақ шақты, Сонда Сениң оқларың ушты.
19 Дүбелей ишинде даўысың гүркиреди, Жылдырымлар жер жүзин жарық қылды. Жер титиреп, ләрзеге келди.
20 Жолың теңиз арқалы, Соқпағың уллы суўлар арқалы өтти, Излериң болса, көринбеди.
21 Муўса ҳәм Харонның қоллары менен, Халқыңды сүриў сыяқлы алып жүрдиң.