1 Тыңлаң, ҳәй халқым, көрсетпелеримди, Мениң сөзлериме қулақ түриң.
2 Тымсаллар айтыў ушын аўзымды ашаман, Өтмиштеги сырлы сабақларды баян етемен,
3 Не еситип, билгенимизди, Ата-бабаларымыздың бизлерге айтып бергенин.
4 Балаларымыздан буларды жасырмаймыз, Жаратқан Ийениң даңқын, Оның күшин, Оның әжайып ислерин келешек әўладқа баян етемиз.
5 Жаратқан Ийе Яқып урпағына қағыйдалар орнатып, Израилға нызам тайынлады. Буларды балаларына үйретсин деп, Ата-бабаларымызға буйрық берди.
6 Солай етип, келешек әўладлар билсин, Келешекте туўылатуғын балалар да, Буларды өз балаларына жеткерсин.
7 Сөйтип, олар Қудайға үмит байласын, Қудайдың ислерин умытпасын, Оның буйрықларын орынласын.
8 Жүреклери турақлы болмаған, Руўхлары Қудайға садық болмаған, Ата-бабалары сыяқлы өжет, қозғалаңшы әўлад болмасын.
9 Садақ ҳәм оқлар менен қуралланған Эфрайым әўлады, Саўаш күни кейнине бурылып қашты.
10 Олар Қудайдың келисимин сақламады, Оның нызамы бойынша жүриўден бас тартты.
11 Умытты Оның ислерин, Өзлерине көрсеткен .
12 Мысырда, Соан даласында, Ол кәрамат иследи ата-бабаларының көз алдында,
13 Теңизди екиге бөлип, оларды алып өтти, Суўларды дийўал сыяқлы етип қойды.
14 Күндиз булт пенен, Түнде оттың жақтысы менен оларды алып жүрди.
15 Шөлде жартасларды қақ айырып, Теңиздей мол етип суў берди.
16 Жартастан булақлар ашып, Суўларды дәрьядай ағызды.
17 Бирақ олар Оның алдында гүна ислеўди, Шөлде Қудай Таалаға қарсы бас көтериўди даўам етти:
18 Олар арнаўлы түрде Қудайды сынап, Кеўли күсеген аўқатты талап қылды.
19 Олар Қудайға қарсы сөйлеп, былай деди: «Қудай шөлде дастурхан жая ала ма?
20 Мине, Ол тасты урып, суў шығарды, Суўды дәрья қылып ағызды. Енди халқына нан бере ала ма, Гөш пенен де тәмийинлей ала ма?»
21 Жаратқан Ийе буны еситип, қатты ғәзепленди, Яқыпқа қарсы отын лаўлатып, Израилға қәҳәрин шашты.
22 Олар Қудайға исенбеди, Оның қутқарыўынан үмит етпеди.
23 Ол жоқарыдағы бултларға буйрық берип, Аспан қақпақларын ашты.
24 Халыққа жейтуғын манна жаўдырды, Көктеги дәннен берди оларға.
25 Адамлар периштелердиң нанын жеди, Тойғанынша аўқат жиберди оларға.
26 Шығыс самалын естирди аспанда, Қүдирети менен қубла самалын алып келди.
27 Шаңдай қылып, оларға гөш, Теңиз қумындай мол етип қуслар жаўдырды.
28 Оларды ордасының ортасына, Мәкан қылған жердиң дөгерегине қондырды.
29 Солай етип, халық тойғанынша жеди, Қәлегенинше оларға Қудай берди.
30 Бирақ олардың күсеўи қайтпай турып, Аўқатлары еле аўзында екен,
31 Қудайдың ғәзеби оларға шашылды, Ең күшлилерин өлтирди, Жерге қулатты Израилдың жас жигитлерин.
32 Буған қарамастан, олар даўам етти гүна ислеўин, Оның әжайып ислерине исенбеди.
33 Соның ушын, Қудай олардың күнлерин бийҳудалық пенен, Жылларын қорқыныш ишинде ақырына жеткерди.
34 удай оларды өлтирип баслағанда, Олар Оны излеп, қайта бет бурды, Пүткил барлығы менен Қудайды изледи.
35 Қудай – өзлериниң қорғаўшы жартасы екенин, Қудай Таала – әменгери екенин еследи.
36 Бирақ аўызлары менен Оған жағымпазлық қылды, Тиллери менен Оның алдында өтирик сөйледи.
37 Оның алдында жүреклери садық болмады, Оның келисимине бийопалық қылды.
38 Деген менен, Қудай реҳимли, Гүналарды кеширеди, гүнакарларды жоқ етпейди, Көп мәрте Өз ғәзебин басады, Қәҳәрин толық шашпайды.
39 Қудай олардың тәннен ибарат екенин, Есип өтип, қайтып келмейтуғын самал екенин еследи.
40 Шөлде Оған қарсы нешше рет бас көтерди, Қула дүзде Оны қапа қылды.
41 Қайта-қайта сынады Қудайды, Израилдың Мухаддесин иренжитти.
42 Еслемеди Оның қүдиретли қолын, Өзлерин душпаннан қутқарған күнин.
43 Мысырда көрсеткен белгилерин, Соан даласында ислеген кәраматларын.
44 Сонда Мысырдың өзеклерин қанға айландырды, Олар суўларынан ише алмай қалды.
45 Оларға шақсын деп, ийтшыбын, Ўайран қылсын деп, қурбақалар жиберди.
46 Олардың егинлерин ҳәм қол мийнетлерин, Шегирткелерге тапсырды.
47 Буршақ пенен жүзимзарларын, Жабайы әнжир ағашларын жоқ етти.
48 Олардың ири малларын буршақтың, Сүриўлерин жылдырымның астында қалдырды.
49 Олардың үстине отлы ғәзебин шашты, Оларға ашыў, қәҳәр ҳәм азап, Апат алып келетуғын периштелерин жиберди.
50 Өз қәҳәрине жол қойды, Оларды өлимнен сақламады, Жанларын иллетке дуўшар қылды.
51 Қырып таслады Мысырдағы барлық туңғышларды, Хамның шатырларындағы белиндеги күшиниң, Биринши жемиси болған балаларын.
52 Өз халқын қой сыяқлы жетеклеп шықты, Шөлде сүриўдей етип баслап жүрди.
53 Оларды аман-есен алып жүрди, олар қорқпады, Душпанлары болса, теңизге ғарқ болды.
54 Оларды Өзиниң мухаддес жерине, Қүдиретли оң қолы менен ерискен таўлы үлкеге алып келди.
55 Алдыларынан басқа халықларды қуўып шығарды, Жерлерин оларға мүлик етип, бөлип берди, Израил урыўларын олардың шатырларына жайластырды.
56 Бирақ олар еле де Қудайды сынады, Қудай Таалаға қарсы бас көтерди, Оның тәртиплерине бойсынбады.
57 Ата-бабалары сыяқлы опасызлық қылып, қыянет етти, Жарамсыз садақ яңлы исенимсиз болды.
58 Табынатуғын орынлары менен Оны иренжитти, Мүсин қудайлары менен Оның қызғанышын оятты.
59 Қудай буларды еситип, ғәзеби лаўлады, Израилдан пүткиллей жүз бурды.
60 Адамлар арасындағы мәкан жерин, Шилодағы Мухаддес мәканын тәрк етти.
61 Өз қүдиретин тутқынлыққа, Өз салтанатын душпан қолына тапсырды.
62 Халқын қылыш жүзине тапсырды, Өз меншик халқына ғәзепленди.
63 Жас жигитлерин от жалмады, Жас қызларына той қосықлары айтылмады.
64 Руўханийлери қылыштан өлди, Жесирлери жоқлаў да айта алмады.
65 Бирақ Ийе уйқыдан оянғандай, Шараптың тәсиринен қышқырған батырдай қозғалды.
66 Душпанларын шегиндирип, жеңилиске ушыратты, Оларды мәңги шерменделикке дуўшар қылды.
67 Кейин Ол Юсуптиң урпағынан бас тартты, Эфрайым урыўын таңламады.
68 Бирақ Яҳуда урыўын, Өзи сүйген Сион таўын таңлады.
69 Өз мухаддес Ибадатханасын аспан сыяқлы қурды, Оны жер жүзиндей етип мәңги беккемледи.
70 Өз қулы Даўытты таңлады, Қой қорасынан оны шақырып алды.
71 Өз халқы Яқыпты, меншиги Израилды бағыў ушын, Саўлық қойлардың арасынан алып келди.
72 Солай етип, ол халқына әдалатлық пенен шопанлық қылды, Шебер қоллары менен оларды жетекледи.