1 Қудай, басқа миллетлер Сениң елиңе басып келди, Мухаддес Ибадатханаңды ҳарамлады, Ерусалимди қарабақанаға айландырды.
2 Жем қылды қулларыңның өликлерин қусларға, Садық адамларыңның денелерин жабайы ҳайўанларға.
3 Қанларын суўдай ағызды Ерусалим бойлап, Оларды жерлейтуғын ҳеш ким болмады.
4 Бизлер қоңсы халықларға масқара, Дөгерегимиздегилерге күлки ҳәм шерменде болдық.
5 Қашанға дейин, Жаратқан Ийе, Мәңги даўам ете ме ғәзебиң, От сыяқлы жанған қәҳәриң?
6 Ғәзебиңди шаш Сени билмейтуғын халықларға, Сениң атыңды шақырмайтуғын патшалықларға.
7 Олар Яқып урпақларын жалмады, Оның мәканын ўайран қылды.
8 Өтмиштеги гүналарды бизлерге жүклеме, Өз реҳимиңди бизлерге тез арада көрсет, Бизлер жүдә ҳәлсиреп қалдық.
9 Қутқарыўшымыз Қудай, даңқыңа бола, бизлерге жәрдем бер, Азат ет, Өз атың ушын гүналарымызды кешир.
10 Не ушын басқа халықлар: «Олардың Қудайы қаяқта?» – деп айтыўы керек? Қулларыңның қанының өшин алғаныңды, Өз көзимиз бенен көрейик, буны басқа миллетлер де билсин.
11 Тутқынлардың дады жетип барсын алдыңа, Өлимге ҳүким етилгенлерди, Өз қүдиретли күшиң менен қутқар.
12 Сениң атыңа тил тийгизип, мазақ қылған қоңсы халықларға, Жети есе етип, өзлерине қайтар, Ийе!
13 Ал бизлер Сениң халқың ҳәм Өзиң бағып атырған қойларыңбыз. Сени мәңги тәрийиплеймиз, Әўладтан-әўладқа Саған алғыс-мақтаў айтамыз.